ДЕПУТАТ ТӘРЕПИНЕН ҚАРАРДЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ ҮЙРЕНИП ШЫҒЫЛДЫ

21.12.2023 12:16:34 52 Баспаға шығарыў

Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңес депутаты Алланиязова Алмахан Аманбаевна тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 13-июльдеги ПҚ-228-санлы қарары тийкарында райондағы «Абат» аўыл пукаралар жыйыны аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренип шығылды.
Қарарда аймақтың инфраструктурасын жетилистириў, пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллени социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳамде аймақтағы машқалалардың нәтийжели ҳәм тез шешилиўин тәмийинлеў мақсетинде 500 млн сўм муғдарында қаржы ажыратылған.
Үйрениў жуўмағында депутат тәрепинен орынланбай атырған жойбарлар бойынша мағлыўматлар таярланып тийисли орынларға мәлимлеме жибериўге келисилип алынды.

21.12.2023 12:16:34 53