ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ: Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023 жылдың үшинши шерегинде белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржыларҳәм олардың жумсалыў жөнелислери ҳаққында.

13.12.2023 10:37:14 177 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасының 2022-жыл 30-декабрьдеги «2023-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы
ЎРҚ-813-санлы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң
119 ҳәм   126 статьяларына ҳәмде “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы экономика ҳәм қаржы бөлиминиң район жергиликли бюджетиниң 2023 жылдың үшинши шерегинде белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги ҳәм оның жумсалыў жөнелислери бойынша усынысы мақуллансын.
  2. Кегейли районы ушын 2023-жыл үшиншишереги жуўмағы менен дараматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржылары муғдары 1-қосымшаға муўапық, дараматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржыларының жумсалыў жөнелислери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Қаржыларды әмелге асырыўшы жуўапкер мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшыларына:

– ажыратылған қаржыларды, туўры, мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў;

– жумсалмаған ҳәм үнемленген қаржыларды районның жергиликли бюджетине қайтарыў иләжларын көрсин.

  1. Кегейли районы экономика ҳәм қаржы бөлими (Ш.Караматдинов):

– жергиликли бюджеттиң қәрежетлер режесине белгиленген тәртипте тийисли өзгерислер киргизиў;

– ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўы үстинен тийисли  тәртипте қадағалаў орнатсын.

  1. Кегейли районы ғазнашылық бөлимине (М.Матекеев) ажыратылған қаржылар бойынша төлемлерди орнатылған тәртипте ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў тапсырылсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.
13.12.2023 10:37:14 178