ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ:Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығы орынбасарының район аймағында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайлары бойынша есабаты ҳаққында.

13.12.2023 10:35:15 184 Баспаға шығарыў

Кегейли районы аймағында 2023-жылдың 11 айы даӯамында улыўма                         114 жынаят жүз берилип (2022 жылы 88 жынаят), өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 29,5 пайызга өскен.

Баска хызмет тараўында жүз берилген жынаятлар саны 13 ден 16 ға, яғный                    23,1 пайызга, жынаят қыдырыў тараўында жүз берилген жынаятлар саны 49 тен
51 ге, яғный 18,6 пайызга, экономика тараўында жүз берилген жынаятлар, анықланатуғын жынаятлар саны 32 ден 47 ге,яғный 43,8 пайызга өскен.

Жүз берилген улыўма 114 жынаяттың 67 жынаяты, яғный 58,8 пайызы “анықланатуғын жынаятлар” болып, 47 жынаяты, яғный 41,2 пайызы “алды алыныўы мүмкин болған жынаятлар” қатарына кирип, калған 21 жынаяты, яғный 18,4 пайызы “махалледе алдын алыў мүмкин болған жынаятлар” болып есапланады.

 “Абат ҳәм қәӯипсиз мәҳалле” принципи тийкарында 16 мәҳәллениң
4 мәҳәллеси, яғный 25,0 % пайызы “кызыл” аймаққа, 3 мәҳәллеси, яғный                  18,8 пайызы “сары” аймаққа, 9 мәҳәллеси, яғный  56,3 % жасыл  жасыл аймаққа  киритилген.

Жоқарыдағыларды инабатқа алып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 222-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығының орынбасары А.Ситановтың 2023 жылдың 11 айы даўамында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм  аймақларда жүз берген жынайый аўҳаллары ҳаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ишки ислер бөлими (Н.Адилбеков), кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бантлик бөлими (Н.Акимниязов), шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими (Г.Хожамбергенова), Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими (А.Дуйсенбаев), районлық мектепке шекемги ҳам мектеп билимлендириўи бөлими (Қ.Бекимбетов) ҳәмде пуқаралар жыйынлары менен биргеликте:

– жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен профилактикалық илажларды күшейттириў;

– район аймағында түнги рейдлер шөлкемлестириў ҳәм профилактика инспекторлары тәрепинен өзи хызмет қылып атырған аймақта ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, оларды оператив анықлаў ҳәмде жынаятшылыққа жол қоймаў бойынша профилактикалық илажлардың нәтийжелилигин асырыўды тәмийинлеў;

– жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў,              ҳаял-қызлар ҳәмде жаслар арасында  жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша турақлы түрде профилактикалық илажларды өткерип  барыў;

– жаслардың сиясий белсендилигин ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға қаратылған зәрүр илажларды белгилеў ҳәм әмелге асырыў;

– жынаятшылыққа қарсы гүресиў, олардың себеплери ҳәм оған имканият жаратып берип атырған шәрт-шараятларды анықлаў ҳәм де сапластырыў;

– жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жәмийетте ҳуқықый саўатханлық ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириўге қаратылған үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў;

– жынаятлар дәрежеси өсимине жол қойылып атырған аймақларда тийисли пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм профилактика инспекторларының жынаятшылықтын алдын алыў бойынша алып барып атырған жумысларын орынларда сын көз қараста талқылап барыў  тапсырылсын.

  1. Район аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәмде жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр жынайый аўҳаллар ҳәр айда Халық депутатлары районлық Кеңесиниң сессияларында ҳәмде тийисли турақлы комиссия мәжилислеринде талқыланып барылсын.
  2. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комиссиясына жүкленсин.
13.12.2023 10:35:15 185