ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ: Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының 2023 жылдың 11 айы даўамында мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

13.12.2023 10:34:05 68 Баспаға шығарыў

2023 жылдың 11 айы даўамында Президент почтасы, көшпели қабыллаўлар, секторлардың көшпели қабыллаўлары, исеним телефонлар, веб сайт арқалы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына жәми 2035 мүрәжат келип түскен, соннан 1017 мүрәжат ийеси толық қанаатландырылған, 315 мүрәжат ийесине ҳуқуқый мағлыўмат бериў арқалы шешилген, 8 мүрәжат мәселеси тамамланған, 8 мүрәжат мәселеси бийкар етилген, 1 мүрәжат мәселеси көрместен қалдырылған, 591 мүрәжат ийесине түсиник жумыслары алып барылды ҳәм 11 мүрәжат мәселеси мүддетли қадағалаўға алынған.

Район бойынша пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси 52,1 пайызды қураған.

Секторлар кесиминде 1-сектор бойынша жәми 358 мүрәжаттан                          177 мүрәжат (49,4%), 2-сектор бойынша жәми 547 мүрәжаттан 274 мүрәжат
(50%), 3-сектор бойынша жәми 548 мүрәжаттан 261 мүрәжат (47,6%),                       4-сектор бойынша жәми 582 мүрәжаттан 305 мүрәжат (52,4%) пайыз қанаатландырылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәмде секторлар, пуқаралар жыйынлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлер тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумыысларынын барысы үйренип шығылған.

Үйрениў барысында пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси жүдә төмен болып қалмақта.

Атап айтқанда, Кегейли районы мектепке шекемги ҳам мектеп билимлендириў бөлиминде (Қ.Бекимбетов) жәми 80 мүрәжаттан 23 мүрәжат (23,8%), Кегейли районы экономика ҳәм финанс бөлиминде жәми 4 мүрәжаттан 1 мүрәжат (25%), Мәжбурий орынлаў бюросы Кегейли район бөлиминде (И.Хожаниязов) 40 мүрәжаттан 12 мүрәжат (30%), “Қарақалпақ суў таъминат” ЖШЖ Кегейли районы бөлиминде (А.Таўбаев) 119 мүрәжаттан 39 мүрәжат (32,7%), Бюджеттен тысқары пенсия жамғармасы Кегейли районы бөлиминде (А.Қарабеков) 81 мүрәжаттан 28 мүрәжат (34,6%), Кегейли районы қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы бөлиминде (П.Абдуллаев) жәми 8 мүрәжаттан 3 мүрәжат (37,5%), Кегейли районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминде (Г.Хожамбергенова) 86 мүрәжаттан 34 мүрәжат (39,5%) Нураныйлерди қоллап қуўатлаў жамғармасы Кегейли районы бөлиминде (Т.Давлетов) 30 мүрәжаттан  13 мүрәжат (43,3%), Кадастр агентлиги Кегейли районы бөлимине (Д.Рустемов) жәми 16 мүрәжаттан 7 мүрәжат (43,7%), қанаатландырылған.

Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен аймақларда жәми 3030 жумыссызлар анықланған болса, соннан 686 пуқараның (22,6%) бәнтлиги тәмийинленген болып, бул көрсеткиш жүдә төмен болып қалмақта.

Атап айтқанда аймақлар кесиминде:

Жылўан ижап мәкан пуқаралар жыйынында ҳәким жәрдемшиси тәрепинен анықланған 33жумыссыздан 2 (6,0%) пуқараның, Жалпақ жап аўыл пуқаралар жыйынында ҳәким жәрдемшиси тәрепинен анықланған 769 жумыссыздан 153 (9,1%) пуқаранын, Көк-өзек аўыл пуқаралар жыйынында ҳәким жәрдемшиси тәрепинен анықланған 11 жумыссыздан 1 (9,1%) пуқаранын, Қумшунгил аўыл пуқаралар жыйынында ҳәким жәрдемшиси тәрепинен анықланған 129 жумыссыздан 13 (9,3%) пуқараның, Абат мәкан мәкан пуқаралар жыйынында ҳәким жәрдемшиси тәрепинен анықланған 131 жумыссыздан 16 (12%) пуқараның, Ийшан қала аўыл пуқаралар жыйынында ҳәким жәрдемшиси тәрепинен анықланған 16 жумыссыздан 2 (12,5%) пуқараның, Қуяшлы мәкан пуқаралар жыйынында ҳәким жәрдемшиси тәрепинен анықланған 66 жумыссыздан 11 (16,6%) пуқараның бәнтлитги тәмийинленген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың 2023 жылдың 11 айы даўамында мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2023 жылдың 11 айы даўамында жоқарыда атлары аталған мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы өткир сынға алынсын ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
  3. Кегейли районы Жылўан жап (Д.Джалимбетов), Абат мәкан (Б.Отепов), Қуяшлы (И.Джумабаев) мәкан пуқаралар жыйынлары, Жалпақ жап (Ж.Турдымуратов), Көк-өзек (Р.Ережепов), Ийшан қала (А.Жумамуратов) аўыл пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен аймақларда жумыссыз пуқаралдардың бәнтлигин тәмийинлеў жумысларында бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы көрсетип өтилсин ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
  4. Кегейли районы мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары:

– физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларын буннан былайда жақсылаў, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы нызамы талапларының бузылыўына жол қойып атырған жуўапкер шахсларға белгиленген тәртипте интизамий жаза шараларын қолланыў мәселесин көрип шықсын;

– ҳәр айда физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларын сын көз-қараста терең анализленген ҳалда мийнет жәмәәтиниң улыўма жыйналысында қарап шығып, кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер хызметкерлердиң интизамий жуўапкершилигин белгиленген тәртипте көрип шығыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1.  Район ҳәкимлиги, сектор басшылары, пуқаралар жыйынлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

– пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды унамлы ҳәм қысқа мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алыў;

– пуқаралар мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў,  әсиресе шараяты аўыр болған шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратсын.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.

     

13.12.2023 10:34:05 69