ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКСИЗ СЕКСЕН БИРИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

11.12.2023 17:29:38 128 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мекеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, аймақлардағы жаслар жетекшилери, аймақлардағы ҳаял-қыз белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

– Кегейли районында 2023-2024-жыллардың қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм оны зыянсыз өткериў илажлары ҳаққында.

          – Кегейли районы аймағында “Меҳир ҳәрекети” жойбары тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

– Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында, сондай-ақ, халық депутатлары районлық Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқада мәселелер көрип шығылды.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

11.12.2023 17:29:38 129