Ҳүрметли пуқаралар! Күнниң кескин суўытып кетиўи себепли төмендеги өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиўиңизди сораймыз.

11.12.2023 15:24:27 72 Баспаға шығарыў

– Жылытыў үскенелериниң морыларын көзден өткерип, тазалатың!
– Жасалма ысытыў үскенелеринен пайдаланбаң!
– Жас өспирим балаларды жалғыз қалдырып, от пенен ойнаўына жол қоймаң!
– Жылытыў үскенелерин қараўсыз қалдырмаң ҳәм ҳәдден тысқары қызып кетиўине жол қоймаң!
– Жылытыў үскенелери, қазанхана, печ, суў қазаны морылары әтирапын
1х1 метр аралықта жанбайтуғын материаллар менен бастырың!
– Газ үскенелеринен дурыс пайдаланың ҳәм газ ийисин сезсениз электр үскенелерин қоспаң, шырпы жақпаң, айна-есиклерди ашып, бөлмени самаллатың ҳәм 104 номерине хабар бериң.
– Бөлмелерди қыздырыў ушын ҳәр қыйлы жасалма түрдеги газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланбаң!
– Газ үскенелерин резиналы, насаз шлангалар ҳәм газ сорыўшы насослардан пайдаланбаң!
– Электр тоқ сымлары монтажлары «Электр қурылмалары қағыйдалары» на муўапық ҳалда исленсин.

⚡️Айтылған өрт қәўипсизлиги қәделерине итибарлы  қарасақ, хожалығымыздағы мал-мүлкимизди өрт қәўипинен асырап, бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алған боламыз.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы бөлимше инспекторы капитан Р.Таджидинов

11.12.2023 15:24:27 73