Бүгин Кегейли районында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 31 жыллығына арналған “Конституция – халықшыл мәмлекет, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тийкары” атамасында байрам салтанаты болып өтти.
Онда сɵзге шыққанлар, Бас нызамымыз 31 жылдан берли елимизде азат ҳәм абат ўатан, еркин ҳәм тыныш турмыс жаратыўдағы қалыс нийетлеримиздиң қамал тасы сыпатында хызмет етип киятырғанлығын айрықша атап ɵтти. Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде, Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Жаңа ϴзбекстанда Жаңа Конституция тийкарында барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Социал-экономикалық, сиясий ҳәм әскерий билимимиз жоқарылап, пуқараларымыздың көзқарасы өсип бармақта. Булардың ҳәммеси тийкарғы нызамымыз болған Конституциямыздың күш-қүдретиниң нәтийжеси десек орынлы.
Өткен шерек әсир даўамында исленген реформаларымыздың барлығы конституциямыз тийкарында әмелге асырылмақта. Бул оның халқымыз мәпине, мәмлекетимиздиң стратегиялық мақсетлерине жуўап беретуғын, пуқта исленген әхмийетли хүжжет екенлигинен дерек береди.
Бәршемизге белгили, усы жылдың 30-апрель күни улыўмахалықлық референдум тийкарында Өзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясы қабыл етилди.
Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структураның тийкарғы принциплери менен қәдириятларын белгилеп беретуғын жаңаланған Конституцияның қабыл етилиўи Өзбекстанның сиясий ҳәм ҳуқықый турмысында әҳмийетли ўақыя есапланып, мәмлекеттиң раўажланыўына жаңаша түртки болды.
Бул тарийхый ҳүжжет ҳәкимият институтларын жетилистириў, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм басқарыўдың демократиялық принциплерин раўажландырыўға қаратылған ҳәрекетлерди өзинде сәўлелендиреди, мәмлекетимиз алдына әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп береди.
ϴткерилген байрам мүнәсибети менен өз искерлигинде белсендилик көрсеткен тараў ўәкиллери сыйлықланды. Байрам районлық кɵркем-ɵнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети