Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, районлық ҳуқық қорғаў уйымлары, мекеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессия күн тәртибинде:
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының 2023 жылдың 11 айы даўамында мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
– Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығы орынбасарының район аймағында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайлары бойынша есабаты ҳаққында.
– Өзбекстан саўда-санаат палатасы Кегейли районлық бөлими баслығының исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўи, исбилерменлик искерлигине көмеклесиў ҳамде инвестиция шәраятларын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында.
– Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023 жылдың үшинши шерегинде белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржылар ҳәм олардың жумсалыў жөнелислери ҳаққында.
– «Темир дәптери» дизиминде турған ҳәмде жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында.
– Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының
2023-жыл 3-ноябрьдеги 740/1-Б-санлы бийлиги ҳаққында.
– Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының
2023-жыл 3-ноябрьдеги 741-Б-санлы бийлиги ҳаққында, сондай-ақ, халық депутатлары районлық Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқада мәселелер көрип шығылды.
Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети