Конституциямыз қабыл етилген күннен баслап елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, пуқаралық жәмийети, еркин базар қатнасықларына тийкарланған экономиканы қурыў, халқымыз ушын абат ҳәм пәраўан өмирди қәлиплестириў, ҳалықаралық майданда өзимизге мүнәсип орын ийелеўде Тийкарғы Нызамымыз беккем фундамент болып келмекте.
Бәршемизге мәлим болғанындай, 2023-жыл 30-апрел күни улыўмахалықлық референдумы тийкарында Өзбекстан Республикасының жаңа Конституциясы қабыл етилди.
Жаңаланған Конституциядағы әҳмийетли тәреплеринен бири – әдил судлаўға ерисиўди тәмийнлеў мақсетинде пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар, егер суд арқалы қорғаўдың басқа барлық қуралларынан пайдаланып болынған болса, судта көрип шығылыўы тамамланған белгили бир исте суд тәрепинен өзине қарата қолланылған нызамның Конституцияға муўапықлығы ҳаққындағы шағым менен Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына мүрәжаат етиўге ҳақылы екенлиги ҳақкындағы Конституциялық норманың беккемленгени болып есапланады.
Жаңа редакциядағы Тийкарғы Нызамымыздың 136-статьясында «Судьялар бийғәрез болып, тек Конституция ҳәм нызамға бойсынады. Судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы жумысына қандай да бир тәризде араласыўға жол қойылмайды ҳәм бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады. Судьялар белгили ислер бойынша есап бериўши болмайды. Мәмлекет судьяның ҳәм оның шаңарақ ағзаларының қәўипсизлигин тәмийнлейди.» деп белгилеп қойылды.
Бул соны аңлатады, судьялардың ҳәм олардың шанарақ ағзаларының қәўипсизлиги конституция дәрежесине көтерилди. Ендиликте, мәмлекет тек ғана судья емес, ал оның шаңарақ ағзаларының қәўипсизлигин тәмийнлеўди ҳәм кепиллейди. Өз нәўбетинде, усы кепиллик судьяның ҳәр қандай жағдайда өз ўазыйпасына ҳүжданлы қараўы ҳәм объектив ис алып барыўын, ең әҳмийетлиси кеўли тынышлылығын тәмийнлейди. Сол орында судьялар белгили бир ис бойынша есап бериўши болмаслығы сыяқлы норманың киргизилиўи оның ғәрезсизлигин жәнеде кешейтеди. Мәмлекеттиң судья ҳәм оның шаңарақ ағзалары қәўипсизлигин тәмийнлеўге жуўапкер екенлигиниң белгилениўи болса оның қолқатылмаслылығы кепилликлерин беккемлеў менен бирге, пуқаралардың әдил судлаўға исенимин ҳәм арттырады.
Әҳмийетли тәреплеринен бири – ең жоқары басшы судьялық лаўазымларында болыў мүддетиниң анық белгиленгенлиги болып табылады. Енди бир шахс Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Судьялар жоқарғы кеңеси баслығы ҳәм оның орынбасары етип қатарына еки мүддеттен артық сайланыўы мүмкин емес. Сол менен бирге, Конституциялық суд судьялары қайта сайланыў ҳуқықысыз 10 жыллық мүддетке сайланыўы ҳәмде Конституциялық суд баслығы ҳәм орынбасарының ўәкиллик мүддети 5 жыл екенлиги ҳақкындағы норма Тийкарғы нызамымызда белгиленди.
Жаңаланған Конституцияда Судьялар жоқарғы кеңесиниң статусы анықластырылып, Судьялар жоқарғы кеңеси судьялар жәмийетшилигиниң ғәрезсиз уйымы сыпатында суд ҳәкимияты ғәрезсизлигиниң конституциялық принципине әмел етилиўин тәмийнлеў менен бирге, судьялар корпусын қәлиплестириўге ҳәм жуўапкер екенлиги нәзерде тутылған. Соның менен бирге Судьялар жоқарғы кеңесининң барлық ағзаларын Сенат тәрепинен сайлаў дизими киритилип, Судьялар жоқарғы кеңеси баслығы ҳәм оның орынбасары Президент усынысына муўапық Олий Мажлис Сенаты тәрепинен бес жыллық мүддетке сайланыўы белгиленген.
Сондай-ақ, Конституциямызға муўапық, судлардың жумысларын қаржыландырыў тек ғана Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен әмелге асырылады ҳәм ол әдил судлаўды толық ҳәм де бийғәрез әмелге асырыў имканиятын тәмийинлеўи керек.
Жуўмақлап айтқанда, суд ҳәкимиятының бийғәрез жумыс алып барыўы – демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин қурыўдың бирден бир жолы болып табылады. Сол себепли Тийкарғы нызамның жана редакцияда судьялар бийғәрезлиги кепилликлерине айрықша итибар берилген. Сондай-ақ, судьялар тек ғана нызамға емес, бәлки Конституцияға бойсыныўы ҳәм туўрыдан-туўры белгиленген.
Қарақалпақстан Республикасы
судыныӊ кадрлар бөлими бас консультанты |
А.Есбосынов |