ЭЛЕКТР ҮСКЕНЕЛЕРИНЕН ДУРЫС ПАЙДАЛАНЫҢ!

01.12.2023 17:58:09 92 Баспаға шығарыў

Ҳәр бир шаӊарақ ийеси әпиўайы болған өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын сақлаўы тийис:
-Жас өспирим балаларды шырпы менен ойнатпаӊ ҳәм сыртынан қулпырып қараўсыз қалдырмаӊ.
-Печь морыларыныӊ жанғыш материаллардан исленген бастырмасы 40 сантиметр қашықлықта болыўы шарт ҳәм өз ўақтында қурымлардан тазалаў керек. Морыларда жарық болмасын.
-Ысытыў үскенелерин жағып қараўсыз қалдырмаӊ ҳәм ҳәдден тысқары ысып кетиўине жол қоймаӊ.
-Газ ускенелеринен дурыс пайдаланыӊ ҳәм газ ийисин сезсеӊиз, электр үскенелерин қоспаӊ, шырпы жақпаӊ.
-Газ ускенелерине жақын жерге кийим-кеншеклерди кептирмеӊ.
-Газ үскенелерине резиналы шланга жалғамаң.
-Электр тоқ эсаплағыштағы предохранителлерди сим менен орамаӊ, утюг, телевизор ямаса радио кабель қабыллағышларды қойып қараўсыз қалдырмаӊ ҳәм балаларға исенип таслап кетпеӊ.
-Өрт пайда болғанда 101 телефонына хабар бериӊ.

Каракалпакстан республикасы Айрықша жағдайлар баскармасы болимше инспекторы аға лейтенант С.Тлеубергенов

01.12.2023 17:58:09 93