Жаңа Өзбекстан – Жасыл мәканда бирге жасайық!

03.11.2023 16:21:47 171 Баспаға шығарыў

 

Жаңа Өзбекстан – Жасыл мәканда бирге жасайық!

Ҳүрметли район турғынлары!

?Мәмлекетимиз Президенти басламасы менен жолға қойылған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде республикамызда қоршаған әтирапты абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў,  нәл егиў ислери халқымыздың мәденияты дәрежесине көтерилди.

?Район аймағында ҳәр бир имәрат әтирапын абаданластырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Барлық мәкеме ҳәм кәрханалар,  ҳәр бир шаңарақ бул иске аўызбиршилик пенен үлес қосса әлбетте мақсетимизге ерисемиз.

Әзиз район турғынлары!

Усы ҳәптениң шемби ҳәм екшемби күнлери районымыз абаданлығы ушын «Жасыл мәкан» акциясы шөлкемлестирилмекте.

?Бул илаж 4-5-ноябрь күнлериде районымыз бойлап даўам етеди.

?Сиз ҳәр бириңизди акцияға мүнәсип қатнасып бир түптен болсада нәл егип өз үлесиңизди қосыўға шақырамыз.

?Гүзги мәўсиминде бул шырайлы әтирапты жәнеде абат етиў бул сиз бенен бизиң қолымызда!

@kegeylirkuzofficial

03.11.2023 16:21:47 172