Семинар

08.11.2023 16:19:16 64 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районында Президент Администрациясының тийисли ўәкиллери ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы басшыларының қатнасыўында «Камалак» балалар шөлкеми жумысларын улыўма орта билим бериў мектеплеринде нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған оқыў семинары өткерилди. Оған районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериндеги руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарлары қатнасты. Семинар  даўамында мектеп сәрдарлары тәрепинен шөлкемлестирилген илажларға оқыўшы жасларды қамтып алыў, оқыўшылардың қызығыўшылығына қарай дурыс бағдар бериў ҳәм жақын күнлерде өткерилиўи белгиленген «Камалак жулдызлары» фестивалының районлық басқышына таярлық көриў жумыслары бойынша сәўбетлести.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

08.11.2023 16:19:16 65