Есабатларға көре, Мәденият мәкан пуқаралар жыйынында усы жылдың бүгинги күнине шекем шаңарақ ажырасыўларының саны 7 болып, ажырасқан шаңарақлардағы перзентлердиң саны 11 ди қурайды.

09.11.2023 16:15:30 53 Баспаға шығарыў

Демек, шаңарақ ажырасыўы ҳаққында сөз болар екен, биринши нәўбетте ерли-зайып, жасы үлкенлер менен мәҳәлле белсендилери усы шаңарақтағы ярым жетим болып қалыў алдында турған жас өспирим перзентлердиң келешегине итибар қаратыў керек.

Бүгин Мәденият МПЖ да усы сыяқлы пикир алмасыў тәризинде өткерилген ушырасыў даўамында ҳәким орынбасары Г.Хожамбергенова тәрепинен мәҳәллениң көше бийлери ҳәм көше бий апаларына аймақта ажырасыўларды келтирип шығарып атырған машқалалы жағдайлар бойынша мағлыўматлар берилди ҳәм бул бағдардағы жумысларды еле де күшейтип, ажырасыў жағасында турған шаңарақларды жарастырыў бойынша алдағы ис-иләжлар белгиленип алынды.

09.11.2023 16:15:30 54