ӨзЛиДеП  20 жаста!

15.11.2023 16:11:51 67 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы Шаңарақ ҳəм ҳаял-қызлар бөлими менен биргеликте Исбилерменлер ҳəрекети ӨзЛиДеП партиясының шөлкемлестирилгенине 20 жыл болыў мүнəсибети менен «ӨзЛиДеП  20 жаста” атамасында ҳаял-қызлар арасында спорттың волейбол түринен жарыс шөлкемлестирилди. Жарысқа район орайында жайласқан 6 мектептен 6 ҳаял-қызлар командасы қатнасты. Жарыс жуўмағында 9-санлы мектептиң командасы биринши орынды ийелеп жеңимпаз болыўға еристи. 2-орынды 14-санлы мектеп командасы, ал 3-орынды райондағы Қанийгелестирилген мектеп командалары жеңип алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириушилер тəрепинен ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалар менен хошаметленди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

15.11.2023 16:11:51 68