Кегейли районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ қырық алтыншы жалпы мәжилисинде көрип шығылған нызамлар ҳәм басқада ҳүжжетлердиӊ мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин кеӊ жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаўға бағышланған район белсендилериниң жыйналысы болып өтти.
Жыйналысты Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Секретариат баслығы У.Утегенов ашты ҳәм басқарып барды.
Жыйналысқа Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ депутатлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиӊ басшылары ҳәмде пуқаралар жыйынлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Олий Мажлис Сенатының қырық алтыншы жалпы мәжилисинде көрип шығылған 12 мәселе, соннан 10 нызам бойынша жыйналыс қатнасыўшылары өз-ара пикир алысты ҳәм келип түскен сораўларға тийисли тараў басшылары тәрепинен жуўаплар берилди