ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясы тәрепинен алып барылып атырған жумыслары ҳаққында.

08.11.2023 10:19:17 84 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясы тәрепинен алып барылып атырған жумыслары ҳаққындағы есабатты қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Бегжановтың Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясы тәрепинен алып барылып атырған жумыслары ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясы тәрепинен алып барылып атырған жумыслары жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
  3. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссия баслықларына:

– турақлы комиссия ўәкилликлерин атқарыў бойынша жумысларын белгиленген нызам талаплары тийкарында алып барыў;

– орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша айқын                       ис-иләжлар ислеп шығыў;

– тастыйықланған ис-реже тийкарында белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў.;

– Халық депутатлары районлық Кеңеси сессияларында қабыл етилген шешимлердиң орынланыўы бойынша турақлы қадағалаў жумысларын алып барыў тапсырылсын.

  1. Турақлы комиссия тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда кең түрде жарытып барыўға миннетленсин.
08.11.2023 10:19:17 85