ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң айырым турақлы комиссияларының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққында.

08.11.2023 10:17:46 149 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң айырым турақлы комиссияларының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққында.

 

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Регламентиниң
77-78-статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М    Е Т Е Д И:

 

1.Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң айырым турақлы комиссияларының қурамына төмендегише өзгерислер киргизилсин:

–  Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң:

– 7-Дарўаза қум сайлаў округинен депутаты Жаңабаев Баҳадыр Жолымбет улы “Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы” қурамына;

– 8-Қумшунгил сайлаў округинен депутаты Ерниязова Гулчехра Жуманиязовна “Санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы” қурамына;

– 9-Нөкис сайлаў округинен депутаты Алланиязова Алмахан Аманбаевна “Суд ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясы” қурамына;

– 10- Пахта пункт сайлаў округинен депутаты Мырзатаев Махмуд Жиенбаевич “Суд ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясы” қурамына киритилсин.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң:

– Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясының баслығы болып 21-Кегейли сайлаў округинен депутаты Бегжанов Бахадыр Хошымбетович;

-Санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы болып 12-Бердах сайлаў округинен депутаты Жуманазарова Гулчехра Жумахметовна;

– “Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы”ның баслығы болып 7-Дарўаза қум сайлаў округинен депутаты Жаңабаев Баҳадыр Жолымбет улы сайлансын.

 

08.11.2023 10:17:46 150