ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ 2023 жылдың 9 айы даўамында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўын тәмиийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

08.11.2023 10:15:42 71 Баспаға шығарыў

2023 жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўын тәмиийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар  бойыншаКегейли районы камбағаллықты кысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими баслығының есабатын тыңлап ҳәм додалап, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы камбағаллықты кысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими баслығы Н.Акимниязовтың 2023 жылдың 9 айы даўамында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўын тәмиийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Район хәкиминиң биринши орынбасары (Б.Қадиров), хәким орынбасарлары (Р.Ережепов, А.Төремуратов), Кегейли районы камбағаллықты кысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими баслығы (Н.Акимниязов), пуқаралар жыйынлары басшылары мене биргеликте:

– 2023-жылда  жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша прогноз көрсеткишлериниң толық орынланыўын тәмийинлеў;

– жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша прогноз көрсеткишлериниң күнлик мониторинг системасын енгизиў;

– район аймағындағы жумыссыз пуқаралардың дизимин қайта мәҳәллебай хатлаўдан өткериў ҳәм анықланған кемшиликлерди сапластырыў;

– миграция нәтийжесинде шет елден қайтып келген пуқараларды системалы түрде бәнтлигин тәмийинлеў;

– жумыссыз пуқаралар, әсиресе жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнерге, исбилерменликке оқытыў көлемин кеңейттириў;

– пуқараларды кәсип-өнерге оқытыў бойынша ажыратылып атырған қаржылардан нәтийжели пайдаланыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– район аймағында ҳәр айда бос жумыс орынлары ярмаркаларын өткериўди шөлкемлестириў, бунда оның сыпаты ҳәм нәтийжелилигине айрықша итибар қаратсын;

– усы шешимниң орынланыўы бойынша 2023 жылдың 25-декабрь сәнесине Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мәлимлеме бериў тапсырылсын.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүклетилсин.
08.11.2023 10:15:42 72