Кегейли районлық финанс бөлими баслығының 2023-жылдың үшинши шерегинде жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районлық финанс бөлими баслығы Ш.Караматдиновтың
2023-жылдың үшинши шерегинде жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы туўралы есабаты ҳаққындағы баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин. - 2.Кегейли районлық районлық қаржы бөлими (Ш.Караматдинов):
– районның жергиликли бюджетиниң шығынлар бөлегиниң белгиленген тәртипте ҳәр шеректе орынланыўын тәмийинлеў;
– жергиликли бюджеттен қаржыландырылатуғын мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўына жол қоймаў;
– жергиликли бюджеттиң артық орынланыўы нәтийжесинде еркин қалдық есабынан белгиленген тәртипте мақсетли пайдаланыў бойынша айқын илажлар белгилесин.
– жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы, қосымша дереклерден пайдаланыў жөнелислери, жергиликли бюджет дараматларын асырыўдың анықланған резервлери туўралы ҳәр шеректиң жуўмағы менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында есабат берип барыўға миннетленсин.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.