ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ Кегейли районы медицина бирлеспесиниң халықтың ден саўлығын сақлаў ҳәм кепилленген бийпул медициналық жәрдем көрсетиў бойынша 2023 жылдың үшинши шерегинде әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында.

08.11.2023 10:14:13 75 Баспаға шығарыў

Кегейли районы медицина бирлеспесиниң халықтың ден саўлығын сақлаў ҳәм кепилленген бийпул медициналық жәрдем көрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығы М.Досбергеновтың
    халықтың ден саўлығын сақлаў ҳәм кепилленген бийпул медициналық жәрдем көрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы медицина бирлеспеси (М.Досбергенов) бирлеспеге қараслы шаңарақлық поликлиникалар ҳәм шаңарақлық шыпакерлик пунктлери басшылары менен биргеликте:

– бирлемши медицина системасында халыққа көрсетилетуғын медицина хызметлерин түптен жақсылаў ҳәм сыпатлы емлениў имканиятларын жаратыў;

– жумыс ўақты узайттырылған режимде ислеп атырған шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалар  ҳәмде көп тармақлы орайлық поликлиниканың жумыс ислеў режиминиң барысын турақлы түрде қадағалаўға алыў;

– аналар ҳәм балалар кеселлениўлериниң алдын алыў, олардың саламатлығын қорғаў, потранаж хызметлери сыпатларын асырыў;

– бирлемши медициналық-санитариялық хызмети мәкемелеринен узақ қашықлықта жайласқан мәҳәллелерде, елатлы пунктлердеги шөлкемлестирилген медициналық пунктлерин зәрүр медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў;

– енгзилген жаңа тәртип тийкарында 18 жастан 40 жасқа шекемги болған шахсларды белгиленген мүддетлерде профилактикалық көриктен өткериўге айрықша итибар қаратыў, қәўипли топарға бейим болған пуқараларды скрининг көриктен ҳәм айрықша итибарға бейим болған кем тәмийинленген жәрдемге мүтәж жасаў шараяты аўыр пуқаралардың уйлерине барып медициналық көриклер шөлкемлестириў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

– мәмлекетимиз тәрепинен кепилленген пакет шеңберинде халыққа бийпул кепилленген медициналық хызметлердиң әҳмийети ҳаққында халыққа кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барсын.

– усы шешимниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында 2023 жылдың 25-декабрь сәнесине Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мәлимлеме бериўге миннетленсин.

  1. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.

     

08.11.2023 10:14:13 76