Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 13-июльдеги “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанынан мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳақкында”ғы ПҚ-228-санлы қарары тийкарында район аймағындағы мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 13-июльдеги “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанынан мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳақкында”ғы ПҚ-228-санлы қарары тийкарында район аймағындағы мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққындағы Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Р.Ережеповтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги ҳәм сектор басшылары (А.Камалов, И.Абдуллаев, Н. Адилбеков, Ғ.Қадиров), тийисли тараўлар ҳәм қурылыс шөлкемлери басшылары менен биргеликте қарар шеңберинде райондағы мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын раўажландырыў бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын объектлерде қурылыс-оңлаў жумысларының өз мүддетлеринде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў ҳәм жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша зүрүр илажлар белгилесин ҳәм бул бойынша қатаң қадағалаў орнатсын.
- Пуқаралар жыйынлары баслықлары Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары менен биргеликте объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумыслары үстинен турақлы түрде жәмийетшилик қадағалаўын орнатсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында ашықлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (Е.Мухамбетов), Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова) ҳәмде “Кегейли турмысы” газетасы редакциясы менен биргеликте объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы бойынша мағлыўматларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытып барсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы сектор басшыларына ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.