ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ДЕПУТАТЛЫҒЫН ДИЗИМГЕ АЛЫЎ БОЙЫНША

08.11.2023 09:53:04 72 Баспаға шығарыў

2023-жыл 5-ноябрьдеги Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң босап қалған орынларына сайлаў болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Сайлаў Нызамына муўапық рәўиште болып өткен сайлаўларда 6040 сайлаўшы яки дизимге алынған сайлаўшылардың
76 пайызы қатнасты.

2023-жыл 5-ноябрьда болып өткен сайлаў жуўмақлары хаққында участка сайлаў комиссияларының баянламаларына тийкар Қарақалпақстан Республикасы Сайлаў Нызамының 20 ҳәм 97 статьяларына муўапық ҳалық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине сайлаў өткериўши Кегейли районлық сайлаў комиссиясы

Қ А Р А Р    Е Т Е Д И :

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң босап калған орынларына сайланған депутатлар қосымшаға муўапық дизимге алынсын.
  2. Усы қарар ғалаба хабар қуралларында жәриялансын.
  3. Усы қарар орынланыўын тәмийинлеў Кегейли районлық сайлаў комиссиясы хаткери М.Тилеўбаевқа жүклетилсин.

 

 

 

Кегейли районлық сайлаў

комиссия баслығы:                                                      Қ.Убайдуллаев

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң босап қалған орынларына сайланған депутатлардың

ДИЗИМИ

 

Сайлаў округының аты Ф.А, туўылған жылы ҳәм орны, миллети Сүўрети Мағлыўматы, қәнийгелиги, партиясы Жумыс орны, лаўазымы,

жасаў мәнзили

3-Жамбыл сайлаў округи

(83,8)

Камалов Айбек Қудабаевич
1982 жыл,
Нөкис қаласы, қарақалпақ
2003 ж. Қарақалпақ мәмлекетлик университети, 2018-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыўы академиясы,

юрист, экономист

ӨзЛиДеП

Кегейли районы ҳәкими,
Кегейли районы
7-Дарўазақум сайлаў округи

(59,3)

Жаңабаев Баҳадыр Жолымбет улы
1995 жыл,
Кегейли районы, қарақалпақ
2018 ж. Нөкис мәмлекетлик педагогика институты, мийнет тәлим,

ӨзЛиДеП

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районлық бөлими баслығы,

Кегейли районы

8-Қумшунгил сайлаў округи

(71,8)

Ерниязова Гулчехра Жуманиязовна
1971 жыл,
Нөкис қаласы, қарақалпақ
1995 ж. Қарақалпақ мәмлекетлик университети, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими,

ӨзМТДП

Кегейли районы 7-санлы мектеп директоры, Кегейли районы
9-Нөкис сайлаў округи

(69,3)

Алланиязова Алмахан Аманбаевна
1968 жыл,
Кегейли районы, қарақалпақ
1990 ж. Нөкис мәмлекетлик университети, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими,

ӨзМТДП

Кегейли районы 3-санлы мектеп директоры, Кегейли районы
10-Пахта пункт сайлаў округи

(70.7)

Мырзатаев Махмуд  Жиенбаевич

1960 жыл,
Кегейли районы, қарақалпақ

1983 ж. Нөкис мәмлекетлик университети, дене тәрбиясы,

ӨзХДП

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Кегейли районлық Кеңеси баслығы, Кегейли районы

 

 

 

 

 

 

08.11.2023 09:53:04 73