ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ ЖЕТПИС ТОҒЫЗЫНШЫ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

07.11.2023 18:37:14 224 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

– Босап қалған орынларға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 2023 жыл 5-ноябрь күни болып өткен сайлаўдың нәтийжелери бойынша районлық сайлаў комиссиясының мәлимлемеси ҳаққында;

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 13-июльдеги  “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанынан  мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳақкында”ғы ПҚ-228-санлы  қарары тийкарында район аймағындағы мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында;

– Халықтың ден саўлығын сақлаў ҳәм кепилленген бийпул медициналық жәрдем көрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында;

– Кегейли районлық финанс бөлими баслығының 2023-жылдың үшинши шерегинде жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы туўралы есабаты ҳаққында;

– 2023 жылдың 9 айы даўамында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўын тәмиийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында;

– Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында;

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң айырым турақлы комиссияларының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққында, сондай-ақ халық депутатлары районлық Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқада мәселелер көрип шығылды.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

07.11.2023 18:37:14 225