Кегейли районы ҳәкимлигинде, район ҳәкиминиң орынбасары Г.Хожамбергенова менен “Ҳаял-кызларды социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жуыслар бойынша” ашық сәўбет ɵткерилди.
Ашық сәўбет даўамында бүгинги күнде жәмийетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм унамлы шешиў,бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў, социаллық-сиясий белсендилигин арттырыў бойынша бир қатар нәтийжели иләжлар әмелге асырылып атырғанлығы ҳәким орынбасары тәрепинен атап ɵтилди.
Атап айтқанда, 2023-жыл жыл басында 1657 жумыссыз ҳаял-қызлар дизимге алынған болып, 1529 ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмиийнлеў, кәсипке оқытыў, исбилерменлигин жолға қойыўға көмеклесиў бойынша иләжлар әмелге асырылды, Соннан: бәнтлиги тәмийинленген 423, субсидия ажыратылған ҳаял-қызлар 18, жеңиллетилген кредит алған ҳаял-қызлар 332, 557 ҳаял-қызлар касипке оқытылды, жәмийетлик жумысларға 71, ҳаял-қызлар тәрепинен 32 киши бизнес субъекти ашылды.
Турақ жайын оңлаўға мүтәж 42 ҳаял-қыздың турақ жайларын оңлаўға материаллық жәрдемлер көрсетилди.
“Ҳаяллар дәптери”иниң 4-басқышына киритилген 2089 ҳаял-қызлардан бүгинги күнге шекем 1 605 ҳаял-қызларға әмелий жәрдемлер кɵрсетилди. Соннан:
1-тайпа Социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз 998 ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийнленди
2-тайпа Исбилерменлигин баслаўды қәлеўши мүтәж ҳаял-қызлар киритилген 362 ҳаял-қызға исбилерменлигин баслаў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.
3-тайпа Бағыўшысы болмаған мүтәж 43 ҳаялға 56 млн 760 мың сўм муғдарында материаллық жәрдемлер берилди.
4-тайпа Социаллық жәрдемге мүтәж 1 ҳәм 2 топар майыплығы болған 137 ҳаялға 180 млн 840 мың сўм муғдарында материаллық жәрдемлер берилди.
5-тайпа Үй-жайға мүтәж 1 ҳаял үй-жай менен тәмийнленген, 34 ҳаялға ижара компенсациясы төлеп берилди.
6-тайпа қарамағында майыплығы болған перзентлери бар 30 ҳаялға 39 млн. 600 мың сўм муғдарында материаллық жәрдемлер берилди.
Ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм толық мағлыўматлар базасына ийе болыў мақсетинде 7 бөлим, 17 жөнелис ҳәм 138 мағлыўматлар базасын өз ишине алған “Ҳаял-қызлар балансы” қәлиплестирилди.
- Медициналық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар ҳәм жоқары технологиялық бийпул медициналық жәрдем көрсетилиўин тәмийинлеў барысында әмелге асырылған жумыслар:
Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан медициналық жәрдемге мүтәж 13 ҳаял-қызларға 100 360 640 сум муғдарында дәри-дармақ ҳәм операция ушын қаржы ажыратылып берилди.
Жыл басынан туўыў жасындағы 15962 ҳаялдың 11063 көриктен өткерилди,4569 ҳаяллар толығы менен саўалландырылды.3638 ҳаяллар онкологик скрининг тексериўинен өткерилди. Соннан 2 ҳаялда қәўипли сут бези өспе кеселликлери, 16 ҳаялда қәўипсиз сут бези өспе кеселлиги, 16 ҳаялда рак алды кеселликлери, 2 ҳаялда рак кеселлиги, 456 ҳаял саламат деп табылды.
Маҳаллелердеги 325 кексе аналарымыз тереңлестирилген медициналық көриктен өткерилип, зәрүр медициналық жәрдемлер көрсетилди.
Майыплығы бар болған ҳаял-қызларды реабилитация қураллары менен тәмийинлеў барысында 2023-жыл 5 ай даўамында райондағы нәгиранлығы 82ҳаял-қыз реабилитация қураллары менен тәмийинленди
Социаллық жәрдемге мүтаж шаңарақлардағы ҳаял-қызларға жоқары оқыу орынларына қосымша мәмлекетлик гранты тийкарында Комитет усыныснамасы менен 197 ҳаял-қызларға 4 пайызлы квота тийкарында имтиязлы рәўиште грант ҳәмде 25и бес жыллық стажға ийе ҳаял-қызлар төлем шәртнама тийкарында жоқары оқыў орынына усыныс берилди. жоқары оқыў орыны, техникум ҳәм кәсип-өнер колледжинде оқып атырған 14 ҳаял-қызлардың контракт пуллары толық бюджеттен қаплап берилгенлиги атап ɵтилди.
Алып барылып атырған жумыслар, өткерилип атырған ҳәр бир илаж ҳәм үгит-нәсият жумыслары ҳар бир ҳаял-қызымыздың өмирден разы болып жасаўлары ушын, шаңарақларындағы тынышлық ҳәм ертеңги келешегимиз болған перзентлеримиздиң бахытлы балалығы ушын әмелге асырылып атыр.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети