XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEN’ESI SHESHIMI: Кегейли районы электр тәмийинлеў кәрханасы баслығының мәҳәллелерде электр энергиясы тәмийинатын жақсылаў, әсиресе электр үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы есабаты ҳаққында

25.10.2023 10:55:04 74 Баспаға шығарыў

Кегейли районы электр тәмийинлеў кәрханасы баслығының мәҳәллелерде электр энергиясы  тәмийинатын жақсылаў, әсиресе электр үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети Кегейли районы электр тәмийинлеў кәрханасы баслығы Ж.Ембергеновтың мәҳәллелерде электр энергиясы тәмийинатын жақсылаў, әсиресе электр үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағыесабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети Кегейли районы электр тәмийинлеў кәрханасы (Ж.Ембергенов):

-мәҳәллелерде электр энергиясы  тәмийинатын еледе жақсылаў, электр энергиясынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин асырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

ҳәкимшилик-турмыс имаратлары ҳәм объектлеринде, соннан турақ жай массивлери ҳәм халық хожалығы объектлерине гүз-қыс дәўиринде турақлы түрде электр энергиясын жеткерип бериўди тәмийинлесин;

– электр энергиясын үнемлеў бойынша тастыйықланған илажлардың                       өз ўақтында  ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин..

– аймақларда электр тәмийнатына унамсыз тәсир көрсетип атырған факторларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша анық иләжлар белгилесин.

-мәҳәллелер кесиминде ескирген ҳәм оңлаў талап етип турған трансформаторларларды хатлаўдан өткериў;

– тараўда электр энергиясын талан-тараж қылыў жағдайларының алдын алыў ҳәм болдырмаў бойынша зәрүр иләжларды белгилесин;

– усы шешимниң орынланыў барысы ҳаққында халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси секретариатына 2023 жылдың 10-декабрь сәнесине шекем жазба түрде мағлыумат бериў тапсырылсын.

3.Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары Р.Ережеповқа ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлықтараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

25.10.2023 10:55:04 75