XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEN’ESI SHESHIMI: Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясының өз ўәкилликлери шеңберинде алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

25.10.2023 10:51:51 57 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясының                                өз ўәкилликлери шеңберинде алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясының баслығы М.Аймуратовтың турақлы комиссия тәрепинен алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына (М.Аймуратов):

– турақлы комиссияның жумысларын буннан былайда нәтийжели шөлкемлестириў, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша айқын иләжлар белгилесин;

– турақлы комиссияның ис режесинде белгиленген ўазыйпалардың                    өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлесин;

– ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери менен биргеликте мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында жүз берген жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплери ҳәм олардың алдын алыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплери, оларға шәраят жаратып берип атырған дереклерди үйрениў, ҳәр бир ҳуқықбузарлық жағдайларын аймақлық профилактика инспекторлары, мәҳәлле ҳәм жәмийетшиликтиң кең қатнасыўында сын көз-қараста талқылап барсын.

  1. Турақлы комиссия тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда кең түрде жарытып барсын.
25.10.2023 10:51:51 58