XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEN’ESI SHESHIMI: Кегейли районы аймағынан «Жасыл жәмийетлик парклер» жойбарын әмелге асырыў ҳәм шөлкемлестириў илажлары ҳаққында

25.10.2023 10:50:35 168 Баспаға шығарыў

Бүгинги күнде мәмлекет көлеминде тереклерди көбейтиўге қаратылған   «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелде қолланыў белгиленген.

Оған бола тереклер егиў ҳәм тәрбиялаў саласында басқарыў системасын жетилистириў, аймақларда «Жасыл бағлар» ҳәм «Жасыл жәмийетлик парклер»ди пайда етиў тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл                       27-сентябрьдеги «Жасыл бағлар» ҳәм «Жасыл жәмийетлик парклер»ди пайда етиў илажлары ҳаққында”ғы 529-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ Өзбекстан Республиксының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 27-сентябрьдеги «Жасыл бағлар» ҳәм «Жасыл жәмийетлик парклер»ди пайда етиў илажлары ҳаққында”ғы 529-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Кегейли районы ҳәкимлигиниң «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 3736қ контурында жайласқан 2,0 гектар жер майданында ҳәмде «Ийшан қала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 9224 контурында жайласқан 2,0 гектар жер майданында «Жасыл жәмийетлик парклер»ин пайда етиў бойынша усынысына келисим берилсин.
  3. Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Камалов, И.Давлетмуратов) район аймағынан:

– «Жасыл жәмийетлик парклер»ин пайда етиў бойынша жойбарлық-сметалық ҳүжжетлерин таярлаў ушын “Ўрмонлойиҳа” жойбарластырыў институты менен шәртнамалар дүзиў;

– «Жасыл жәмийетлик парклер»диң пайда болыўы мүнәсибети менен оларға хызмет көрсетилиўин тәмийинлеў мақсетинде «Жасыл аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының аймақлық шөлкеми менен шәртнамалар дүзилиўин  тәмийинлесин.

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары (И.Давлетмуратов), қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы бөлими (П.Абдуллаев), Мәмлекетлик кадастрлар палатасының районлық бөлими (Д.Рустемов), ирригация бөлими (К.Темирханов) тийисли шөлкемлер менен биргеликте:

– аймақлардан «Жасыл жәмийетлик парклер» пайда етиў ушын таңлап алынған жер майданларының контурларын анықлаў,  жайласқан орны ҳәмде сызылма өлшемин белгилеў;

– суўғарыў системасын шөлкемлестириў (насослар, скважина,  ҳәўизлер, салма тартыў, тамшылатып  суўғарыў системасын енгизиў);

– топырақ шараяты туўралы (шорлығы, эрозияға ушырағанлығы, таслақ, ығаллылық дәрежеси, өнимдарлығы ҳ.т.б.), сондай-ақ егилетуғын нәл түрлери ҳаққындағы ҳәмде басқада усынысларды (сүўретлери ҳәм сызылмалары менен бирге) жойбарлаў шөлкемине усыныў ўазыйпалары жүклетилсин.

  1. «Жасыл жәмийетлик парклер»ди шөлкемлестириў, сақлаў, раўажландырыў илажларын қаржыландырыў жергиликли бюджеттиң қосымша дереклери, қәўендерлик ҳәм грант қаржылары ҳәмде нызамшылықта қадаған етилмеген басқада дереклер есабынан әмелге асырылыўы белгилеп қойылсын.

6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары И.Давлетмуратовқа ҳәмде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

25.10.2023 10:50:35 169