XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEN’ESI SHESHIMI: “Кегейлитумангаз” газ тәмийнаты бөлими баслығының мәҳәллелерде тәбиийғий газ тәмийнатын жақсылаў ҳәм шетки аймақларға суйылтырылған газ жеткерип бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында

25.10.2023 10:47:14 78 Баспаға шығарыў

“Кегейлитумангаз” газ тәмийнаты бөлими баслығының мәҳәллелерде тәбиийғий газ тәмийнатын жақсылаў ҳәм шетки аймақларға суйылтырылған газ жеткерип бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

1.“Кегейлитумангаз” газ тәмийнаты бөлими бас инженери А.Мамбетмуратовтың мәҳәллелерде тәбиийғий газ тәмийнатын жақсылаў ҳәм шетки аймақларға суйылтырылған газ жеткерип бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабатымағлыўмат ушын қабыл етилсин.

2.“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” филиалы “Кегейлитумангаз” газ тәмийнаты бөлими (С.Нзанов, А.Мамбетмуратов):

– аўылларда, мәҳәллелерде, елатлы пунктлерде тәбийғий газ тәмийнатын буннан былайда жықсылаў;

– халыққа жеткерилип берилип атырған табийғий газ жоғалтыўларын сапластырыў бойынша режелестирилген нәтийжеликти тәмийинлеў;

– тәбийғий газ жетип бармаған шетки аймақларда халықты суйылтырылған газ бенен үзликсиз тәмийинлеў;

– гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў илажларын өз мүддетинде ҳәм сыпатлы етип орынлаў;

– төлемлерди өз ўақтында ҳәм толық муғдарда өндирилиўин тәмийинлеў үстинен қатаң қадағалаў орнатыўбойынша айқын иләжлар белгилесин;

– Усы шешимниң орынланыў барысы ҳаққында 2023 жыл 10-декабрь сәнесине Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси секретариатына жазба түрде мағлыўмат бериў тапсырылсын.

3. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Кегейли районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Р.Ережеповқа ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммунал хожалығы мәселелери ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

25.10.2023 10:47:14 79