XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEN’ESI SHESHIMI: Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының 2023 жылдың 9 айы даўамында мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

25.10.2023 10:45:41 153 Баспаға шығарыў

 

2023 жылдың 9 айы даўамында Президент почтасы, көшпели қабыллаўлар, секторлардың көшпели қабыллаўлары, исеним телефонлар, веб сайт арқалы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына жәми 2299 мүрәжат келип түскен, соннан 1095 мүрәжат ийеси толық қанаатландырылған, 459 мүрәжат ийесине ҳуқуқый мағлыўмат бериў арқалы шешилген, 20 мүрәжат мәселеси тамамланған, 17 мүрәжат мәселеси бийкар етилген, 3 мүрәжат мәселеси көрместен қалдырылған, 669 мүрәжат ийесине түсиник жумыслары алып барылған ҳәм 12 мүрәжат мәселеси мүддетли қадағалаўға алынған.

Район бойынша пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси 48,0 пайызды қураған.

Секторлар кесиминде 1-сектор бойынша жәми 400 мүрәжаттан                          209 мүрәжат (52,3%), 2-сектор бойынша жәми 627 мүрәжаттан 270 мүрәжат
(43,1%), 3-сектор бойынша жәми 601 мүрәжаттан 264 мүрәжат (43,9%),                       4-сектор бойынша жәми 671 мүрәжаттан 352 мүрәжат (52,5%) пайыз қанаатландырылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәмде секторлар, пуқаралар жыйынлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлер тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларының барысы үйренип шығылғанда, айырым мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси төмен болып қалмақта.

Атап айтқанда, Кегейли районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлиминде (Қ.Бекимбетов) 96 мүрәжаттан 25 мүрәжат (26,0%), Бюджеттен тысқары пенсия жамғармасы Кегейли районы бөлимшесинде (А.Қарабеков) 87 мүрәжаттан 31 мүрәжат (35,6%) толық қанаатландырылған.

Ал, Жаслар ислери агентлиги Кегейли районы бөлиминиң (А.Дүйсенбаев) мүрәжатлар менен ислесиў жумысларында Өзбекстан Республикасының “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы нызамы талапларының бузылыў жағдайларын орын алған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының 2023 жылдың 9 айы даўамында мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың 2023 жылдың 9 айы даўамында мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы “Нурлы бостан” (Г.Қайпов), “Халқабад” (Г.Жуманазарова) мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында бир қатар унамлы жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығы айрықша атап өтилсин.
  3. 2023 жылдың 9 айы даўамында Кегейли районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлиминде (Қ.Бекимбетов), Бюджеттен тысқары пенсия жамғармасы Кегейли районы бөлимшесинде (А.Қарабеков), Жаслар ислери агентлиги Кегейли районы бөлиминде (А.Дүйсенбаев) юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы  өткир сынға алынсын.
  4. Кегейли районы мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары:

– физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларын буннан былайда жақсылаў, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы нызамы талапларының бузылыўына жол қойып атырған жуўапкер шахсларға белгиленген тәртипте интизамий жаза шараларын қолланыў мәселесин көрип шықсын;

– ҳәр айда физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларын сын көз-қараста терең анализленген ҳалда мийнет жәмәәтиниң улыўма жыйналысында қарап шығып, кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер хызметкерлердиң интизамий жуўапкершилигин белгиленген тәртипте көрип шығыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1.  Район ҳәкимлиги, сектор басшылары, пуқаралар жыйынлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

– пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды унамлы ҳәм қысқа мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алыў;

– пуқаралар мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў,  әсиресе шараяты аўыр болған шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратсын.

6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.

25.10.2023 10:45:41 154