Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиң 2023-жылдың 9 айы даўамында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районлық ишки ислер бөлими баслығы
Н.Адилбековтың 2023-жылдың 9 айы даўамында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин. - Кегейли районлық ишки ислер бөлими (Н.Адилбеков) тийисли жәмийетлик шѳлкемлер менен биргеликте:
– аймақларда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў бойынша илажлардың нәтийжелилигин асырсын;
– жынаятшылықтың ерте алдын алыўда тийкарғы итибарды жынаят ислеўге бейим болған шахсларды алдыннан анықлаў, түрли тәртипбузарлық ислеген пуқараларды орынларда пуқаралар жыйынлары басшылары ҳәм белсендилери менен биргеликте мәҳәллеге алып шығып оларға жәмийетшилик тәрепинен тәсиршең шараларын қоллансын;
– жынаятлардың айырым түрлери өсип кеткен аймақлардағы криминоген жағдайды сын көз-қарас пенен анализ еткен ҳалда жынаятлардың өсип кетиў себеплерин анықлап ҳәм олардың алдын алыўға қаратылған илажлар көрсин;
– орынлардағы профилактика инспекторлары, районлық медицина
бирлеспеси, районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими орайы менен биргеликте жасаў орнынан узақ мүддетке шығып кетип, қайтып келген шахслар менен профилактикалық илажларын шөлкемлестириў, оларды медициналық көриктен өткерип, саламатластырыў ҳәмде бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын.
– профилактикалық есапта турыўшы, жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша турақлы түрде тийисли илажларды шөлкемлестирип барсын;
– алдын судланған ҳәм еркинен айырыў орынларынан жазасын өтеп келген, сондай-ақ, шет еллерден жумыс ислеп қайтқан шахсларды турақлы жумыс орынлары менен тәмийинлеў шараларын көрсин.
- Кегейли районы камбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими (Н.Акимниязов), пуқаралар жыйынлары басшылары ҳәмде профилактика инспекторлары ҳәм ҳаял-қызлар белсендилери менен биргеликте:
– шаңарақ-турмыс тәризиндеги жүз берип атырған аўыр түрдеги жынаятлардың алдын алыў мақсетинде тынышсыз шаңарақлар бойынша профилактикалық жумысларын күшейттирсин, усы шаңарақларда саламат турмыс тәризин турақластырыў бойынша айрықша илажларды белгилесин ҳәм әмелге асырсын;
– ҳаял-қызлар арасында ҳуқықый билимлерин асырыў, диний экстремизм, миссионерликтиң ҳәмде түрли диний ағымлардың тәсирине түсип қалыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық, ерте неке, АИЖС кеселлиги ҳәм өз жанына қас етиўдиң алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият жумысларын күшейттирсин;
4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына (М. Аймуратов) жүкленсин.