XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEN’ESI SHESHIMI: Кегейли районы аймағында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбарын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳәм белгиленген ўазыйпалар ҳаққында.

25.10.2023 10:43:27 70 Баспаға шығарыў

Соңғы жылларда елатлы пунктлерди көкелемзарластырыў, терек ҳәм путаларды қорғаў ҳәм де жасыл майданларды кеңейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Терек ҳәм пута нәллерин егиў, оларды тәрбиялаў, халқымыздың сейил етиўи ҳәм кеўилли дем алыўы ушын жасыл майданларды ҳәм парклерин кеңейтиў ҳәм басқада көкелемзарластырыў жумысларын алып барыў бүгинги күнниң актуал ўазыйпаларынан бири есапланады.

Бүгинги күнде мәмлекет көлеминде тереклерди көбейтиўге қаратылған   «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелде қолланыў белгиленген.

Оған бола тереклер егиў ҳәм тәрбиялаў саласында басқарыў системасын жетилистириў, аймақларда «Жасыл бағлар» ҳәм «Жасыл жәмийетлик парклер»ди пайда етиў тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленген.

Соның менен бирге 2023 жылдың 11-октябрь күни ҳүрметли Президентимиз тәрепинен кеӊейттирилген тәризде өткерилген видеоселектор мәжилисинде “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде усы жылдың 25 октябрь сәнесинен                   1 декабрь сәнесине шекем “гүзги терек егиў мәўсими” деп жәрияланып, республикамыз бойынша 85 миллион түп терек ҳәм пута нәллерин егиў тапсырмасы белгилеп берилген еди.

Соннан, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кенесиниң
2023-жыл 19-январь күнги тастыйықланған прогноз көрсеткишлерине тийкар, Кегейли районы аймағында 2023-жыл гүз мәўсиминде жәми 300 мың дана декоратив, мийўели терек ҳәм пута нәллерин егиў режеси белгиленген.

Район аймағында тереклер, путалар ҳәм жасыл мәканларды қорғаў ҳәмде олардың майданларын кеңейтиў, бул тараўға жуўапкер шөлкемлер искерлигин жәнеде нәтийжели шөлкемлестириў ҳәмде  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 30-декабрьдеги «Республикада көкелемзарластырыў жумысларын жеделлестириў, тереклерди қорғаўды  жәнеде нәтийжели шөлкемлестириў                              ис-илажлары ҳаққында»ғы ПФ-46-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ Өзбекстан Республиксының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М     Е Т  Е Д И:

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары И.Давлетмуратовтың район аймағында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳәм белгиленген ўазыйпалар туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде 2023 жылдың 25 октябрь сәнесинен 1 декабрь сәнесине шекем “гүзги терек егиў мәўсими”нде Кегейли районында жәми 300000 түп мәнзаралы, мийўели тереклер ҳәм пута нәллерин егиў режеси белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде 2023 жылдың 25 октябрь сәнесинен 1 декабрь сәнесине шекем “гүзги терек егиў мәўсими”нде белгиленген ўазыйпалардың өз мүддетлеринде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли тараў басшыларының тиккелей жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
  4. Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Камалов, Б.Қадиров, И.Давлетмуртов, Р.Ережепов, А.Төремуратов), пуқаралар жыйынлары ҳәм барлық тараў басшылары менен биргеликте:

– 2023 жылдың 25 октябринен 1 декабрьге шекем “гүзги терек егиў мәўсими”  даўамында район көлеминде егилиўи режелестирилген 300000 дана нәллердиң толық ҳәм сыпатлы егилиўин тәмийинлеў;

– суўғарыў системасы ҳәм оннан пайдаланыў имканияты болмаған майданларға ҳәмде басқада мақул болмаған аймақларға нәллердиң  егилиўине жол қоймаў;

– 2023 жылдың 25 октябрь сәнесинен 1 декабрь сәнесине шекем “гүзги терек егиў мәўсими” даўамында аллеяларда, жоллар ҳәм көше бойларында, салмалар ҳәм басқада ирригация объектлери бойларында, мәҳәллелер аймақларында, көп қабатлы үйлер аралығында, мәкеме, кәрханалар аймақларында, сондай-ақ халықтың жеке үй қапталы қыйтақларында мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў  жумысларын шөлкемлестириў;

-аймақларды көклемзарластырыў мақсетинде егилетуғын мийўели ҳәм саяманлы терек нәллериниң ықлым шараятына мас болған түрлерин таңлаў ҳәм орынларға жеткерип бериў;

– егилген мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерине агротехникалық илажларды өз мүддетинде ҳәм сыпатлы  өткериў бойынша зәрүр илажларды белгилесин;

– саяманлы тереклер ҳәм нәллер жетистириў бойынша нәлханалар шөлкемлестириў ҳәм терекзарларды тәрбиялаў ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў бойынша жумысларының мәнзилли әмелге асырылыўына айрықша итибар қаратылсын.

  1. Кегейли районы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими (К.Сейтниязов:

– “гүзги терек егиў мәўсими” даўамында орынларда мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў ҳәм оларға тәрбия бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының үстинен тәсиршең қадағалаўды әмелге асырсын;

– егилген нәллердиң есабын жүргизиў жолы менен хатлаўдан өткерип, олардың электрон мағлыўматлар базасын жүргизип барсын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлигиниң «Ийшан қала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 9224 контурында жайласқан 24,45 гектар жер майданында “Ҳәкимлик бағы”, “Депутатлар бағы”, “Прокурор бағы”, “Ишки ислер уйымы бағы”н шөлкемлестириў бойынша усынысы мақуллансын.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Б.Қадиров, И.Давлетмуратов), Кегейли районы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими (Н.Акимниязов), Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими (Г.Хожамбергенова), Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими (А.Дуйсенбаев):

– ҳәр жылы гүз ҳәм бәҳәр мәўсимлеринде нәл егиў ҳәм оларды сақлаў жумысларын шөлкемлестириў бойынша “жасыл ҳәптелик” илажларын өткерип барыў;

– жергиликли бюджеттиң қосымша дереклери ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқада дереклер есабынан халыққа бийпул нәллерди тарқатыў ушын мәҳәлле пуқаралар жыйынларына нәллер жеткерип бериў жумысларын алып барсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларына район аймағында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың үстинен тәсиршең депутатлық қадағалаўын турақлы түрде әмелге асырып барсын.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы (Е. Мухамбетов) район аймағында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде 2023 жылдың 25 октябринен 1 декабрьге шекем “гүзги терек егиў мәўсими” даўамында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытып барылыўын тәмийинлесин.
  3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына ҳәмде Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары И.Давлетмуратовқа жүкленсин.

 

Сессия басқарыўшысы:                   2-Б.Айназаров сайлаў округинен

                                                             депутат У.Утегенов

25.10.2023 10:43:27 71