XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEN’ESI SHESHIMI: Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларын шешиў, олардың таланты ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында

25.10.2023 10:42:07 82 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларын шешиў, олардың таланты ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында”ғы Нызамының 21-статьясына муўапық, Халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырып атырған жумыслары туўралы Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары А.Төремуратовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Камалов, А.Төремуратов) Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары жаслар жетекшилери ҳәмде басқада тийисли тараў басшылары  менен биргеликте:

– жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, мәмлекетлик бағдарламалардың                избе-из орынланыўын тәмийинлеў бойынша айқын иләжлар белгилесин;

– “Жаслар дәптери” дизимине киритилген жаслардың машқалаларын ҳал қылыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерин қоллап-қуўатлаў бойынша изшил жумысларды әмелге асырып барсын.

– жасларды исбилерменлик ҳәм  дийханшылық пенен шуғылланыўы ушын оларға жеӊиллетилген пайызлар тийкарында кредит қаржыларын ҳәм  егислик жер майданларын ажыратыў бойынша әмелий жумысларды әмелге асырсын.

– мәҳәллелер кесиминде жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў  мақсетинде тастыйықланған “Жаслар бәнтлиги бағдарлама”сындағы тапсырмалардың орынланыўын қадағалаўға алынсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына, районлық Кеңес депуталарына жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, мәмлекетлик бағдарламалардың өз ўақтында орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы ҳәқиминиң орынбасары А.Төремуратовқа ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

 

   Сессия басқарыўшысы:                      2-Б.Айназаров сайлаўокругинен

                                                                              депутат У.Утегенов

25.10.2023 10:42:07 83