XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEN’ESI SHESHIMI: Кегейли районлық әдиллик бөлими баслығының 2023 жыл 9 айы даўамында район дәрежесиндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы туўралы мәлимлемеси ҳаққында

25.10.2023 10:39:49 58 Баспаға шығарыў

Кегейли районы әдиллик бөлими баслығының 2023 жыл 9 айы даўамында район дәрежесиндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде  ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени көрип шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 211-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы әдиллик бөлими баслығының 2023 жыл 9 айы даўамында район дәрежесиндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районлық әдиллик бөлимине (Н.Қәлимбетов):

– мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў тараўындағы жумысын турақлы түрде муўапықластырыў арқалы олардың норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин орынлаўшыларға жеткериў, халық арасында үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жумысын түптен жетилистириў бойынша тәсиршең илажлар белгилесин;

– тийисли мәпдар шөлкемлер менен биргеликте мәҳәллелерде алдыннан келисилген бағдар бойынша маман қәнигелер тәрепинен халыққа ҳуқықый түсиник жумысларын алып барыўды шөлкемлестириў;

– жаңадан қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди орынлаўшыларға  өз ўақтында жеткерсин ҳәм барлық мәмлекетлик уйымлардың усы бағдардағы жумысларының мониторингин алып барсын;

– мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир қәлипте тәмийинлеў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын;

– мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын раўажландырыўға, олардың мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен өз-ара бирге ислесиўине әмелий жәрдемлер көрсетсин;

– мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң юридикалық хызметлер жумысларын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў тараўындағы жумысларын еледе күшейттирсин;

– пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин ҳуқықый жақтан қорғаў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын.

3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

25.10.2023 10:39:49 59