ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ ЖЕТПИС СЕГИЗИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

20.10.2023 16:13:50 106 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

– Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының 2023 жылдың 9 айы даўамында әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлемеси ҳаққында;

– Кегейли районы әдиллик бөлими баслығының  мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлердиң норма дѳретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қоллаў әмелиятының аўҳалы туўралы мәмлимлемеси ҳаққында;

– Кегейли районы аймағынан «жасыл жәмийетлик парки» жойбарын әмелге асырыў ҳәм шөлкемлестириў илажлары ҳаққында;

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси ҳаққында;

– Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығының ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы туўралы  есабаты ҳаққында;

– Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларын шешиў, олардың таланты ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында;

– “Кегейлитумангаз” газ тәмийнаты бөлими баслығының мәҳәллелерде тәбиийғий газ тәмийнатын жақсылаў ҳәм шетки аймақларға суйылтырылған газ жеткерип бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында;

– Кегейли районы электр тәмийинлеў кәрханасы баслығының мәҳәллелерде электр энергиясы  тәмийинатын жақсылаў, әсиресе электр үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы есабаты ҳаққында;

– «Темир дәптери» тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында;

– Босап қалған орынларға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары сайлаўын өткериўши участкалық сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанлар усыныў ҳаққында, сондай-ақ халық депутатлары районлық Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқада мәселелер көрип шығылды.

 

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

20.10.2023 16:13:50 107