Кегейли районы ҳәкимлигинде “Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллилигин тексериў институты жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған оқыў-семинары болып өтти.

20.10.2023 16:08:56 198 Баспаға шығарыў

Онда жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы Р.Бекмуратова Президентимиз тәрепинен усы жылдың 27-сентябрь күни қабыл етилген бул нызам менен пуқараларға қатар мүмкиншилик ҳәм жеңилликлер жаратылып атырғанлығы жөнинде сөз етти. Суд ҳүкимлери, уйғарыўлар, қарарлардың нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин тексериўдиң улыўма шәртлери жеңиллестирилгени бойынша кең түрде мағлыўмат берди.

Миллий нызамшылығымызға киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшаларға бола, ендигиден былай судлар тәрепинен биринши инстанцияда көрилген ислерди ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция яки кассация тәртибинде қайта көрип шығыў ўәкиллиги берилмекте.

Тәреплердиң қәлеўине бола, суд қарары үстинен он күнлик мүддетте апелляция тәртибинде шағым (протест) берилиўи, усы мүддет өткеннен кейин кассация тәртибинде шағым (протест) келтирилиўи мүмкин. Бул тәртип тәреплердиң суд қарарлары үстинен шағым (протест) келтириў ҳуқықы арқалы әдил судлаўға ерисиў имканиятын кеңейттириўге хызмет етеди.

Семинарда усы ҳәм басқада қатнасыўшыларды қызықтырған сораўларға судья тәрепинен тийкарлы жуўаплар қайтарылды.

20.10.2023 16:08:56 199