ДЕПУТАТ ЕСАБАТ БЕРДИ

11.10.2023 18:13:40 76 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 1-“Жылўан жап” сайлаў округинен депутат Н.Аметованың округ сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда депутат сайлаўшылары алдында усы жылдың 9 айы даўамында депутатлык ўәкилликлерине байланыслы әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында есабат берди.
Тийкарынан “Темир дәптери”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәмде “Жаслар дәптерине” киритилген шаңарақларды камбағаллықтан шығарыў, жаслар ҳәм ҳаялларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәмде олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумысларға еледе итибир қаратыў кереклиги атап өтилди.
Ушырасыў барысында жыйналғанлар аймақтағы машқалалар бойынша өзлериниң усыныс-пикирлерин айтып өтти. Депутат тәрепинен бул бойынша тийисли уйымларға депутат сораўы менен шығатуғынлығын мәлим етти.

11.10.2023 18:13:40 77