ҮЙРЕНИЎЛЕР АЛЫП БАРЫЛДЫ.

10.10.2023 16:56:04 225 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл                           27-сентябрь күни болып өткен 77-сессия мәжилисинде социаллық тараў объектлерин 2023-2024 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәселени талқылаў барысында депутатлар тәрепинен Кегейли районы                 37-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң ысытыў системасында узақ жыллардан берли орын алып атырған машқалалар, оларды сапластырыў илажлары ҳаққында мүнәсибетлер билдирилген еди.

Депутатлар ҳәм тийисли тараў қәнигелериниң қурамында дүзилген исши топар тәрепинен  37-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң ысытыў системасының бүгинги күнги аўҳалы үйренип шығылды.

Үйрениў барысында мектептиң ысытыў системасында ҳақыйқаттанда  машқалалар орын алып атырғанлығы ҳәм қысқа мүддет ишинде сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилеў усыныс етилди.

Усы орында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл                  10-апрельдеги “Социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында модернизация қылыў ҳаққында”ғы ПҚ-118-санлы қарарына муўапық мектептиң ысытыў системасын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында реконструкция қылыў бойынша “Раўаж Мойнақ қурылыс” жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен битим дүзилип, орын алып атырған машқалаларды қысқа мүддетте сапластырыў илажлары белгилеп алынды.

10.10.2023 16:56:04 226