XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEŇESI SHESHIMI: Кегейли районы “Нурлы бостан” мәкән пуқаралар жыйыны ҳәмде “Жүзим бағ” аўыл пуқаралар жыйыны профилактика инспекторлары тәрепинен аймақларда жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында.

10.10.2023 15:22:44 97 Баспаға шығарыў

Кегейли районы “Нурлы бостан” мәкән пуқаралар жыйыны ҳәмде                    “Жүзим бағ” аўыл пуқаралар жыйыны профилактика инспекторлары тәрепинен аймақларда жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 222-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Кегейли районы “Нурлы бостан” мәкән пуқаралар жыйыны профилактика инспекторы Ы.Төремуратов ҳәм Жүзим бағ” аўыл пуқаралар жыйыны профилактика инспекторы Ю.Оразовлардың аймақларда жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында есабатлары мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы “Нурлы бостан” (Ы.Торемуратов) мәкән пуқаралар жыйыны ҳәм Жүзим бағ” (Ю.Оразов) аўыл пуқаралар жыйыны профилактика инспекторлары тәрепинен жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин, нәтийжеде “қызыл” категория қатарына киритилгенлиги өткир сынға алынсын.
  3. Кегейли районы “Нурлы бостан” (Ы.Торемуратов) мәкән пуқаралар жыйыны ҳәм Жүзим бағ” (Ю.Оразов) аўыл пуқаралар жыйыны профилактика инспекторларына:

– аймақларда жүз бериўи мүмкин болған жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыў, олардың себеплери ҳәм жынаят болыўына имкан берген шарт-шараятлардың алдын алыў ҳәм ҳуқуқбузарлыққа қарсы гүресиўде кең жәмийетшилик пенен бирге ислесиўди жәнеде күшейттириў;

– аймақларда ҳуқықбузарлық ислеўге бейим болған шахсларды анықлаў ҳәм олар менен жеке тәртипте профилактика жумысларын алып барыў;

– жас өспиримлер ҳәм жаслар, әсиресе, олардың жәмлеспеген бөлеги ортасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәмде ғайрытәбийий                                ис-ҳәрекетлерлердиң алдын алыў бойынша илажларды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар жүклетилсин;

– жумыс нәтийжелилигин арттырыў арқалы жыл жуўмағына шекем “қызыл” категориядан шығыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1. Кегейли районы ишки ислер бөлими (Н.Адилбеков), Кегейли районы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими (Н.Акимниязов), мәҳәллелердеги профилактика инспекторлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 2023 жыл 8-август күни жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў мәселесине бағышланып өткерилген 144-санлы мәжилис баянламасында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлесин.
  2. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳәял-қызлар бөлими (Г.Хожамбергенова), Кегейли районы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими (Н.Акимниязов), Жаслар ислери агентлиги Кегейли районы бөлими (А.Дүйсенбаев) пуқаралар жыйынлары баслықлары, профилактика инспекторлары, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм жаслар жетекшилери менен биргеликте мәҳәллелерде алды алыныўы мүмкин болған жынаятлардың жүз берип атырғанлығы себепли бул бағдардағы жумысларды қайта көрип шықсын ҳәм орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша әмелий жумыслар алып барсын.

6. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комиссиясына жүкленсин.

10.10.2023 15:22:44 98