XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEŇESI SHESHIMI: Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл 30-августтағы VI-76-135-13-184-К/23-санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында.

10.10.2023 15:18:54 81 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл                             30-августтағы VI-76-135-13-184-К/23-санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы ҳәкимлигиниң Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл 30-августтағы VI-76-135-13-184-К/23-санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киритип бериў бойынша усынысы мақуллансын.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл 30-августтағы VI-76-135-13-184-К/23-санлы шешимине төмендегише өзгерислер ҳәм қосымшалар киритилсин:

– Кегейли районы ҳәкимлигиниң район аймағындағы зәрүр илажлар өткерилген социаллық тараў объектлери имаратларына оӊлаў жумысларын алып барыў бойынша бириктирилген кесип алып ислеўши карханалардың дизими усы шешимге қосымшаға муўапық белгиленсин.

3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары Қ.Атамуратовқа ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң “Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша” ҳәмде  “Санаат, транспопрт, қурылыс, коммуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша” турақлы комиссияларына жүкленсин.

10.10.2023 15:18:54 82