Өзбекстан Республикасы «Сайлаў кодекси»ниң 93-статьясы, Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 74-статьясы ҳәмде Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6, 24-статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 3-Жамбыл, 7-Дарўаза қум, 8-Қумшунгил, 9-Нөкис, 10-Пахта пункт сайлаў округлеринен босап қалған орынларға районлық Кеңес депутатлары сайлаўын өткериў 2023-жылдың 5-ноябрь, екшемби күнине белгиленсин.
- Сайлаўды өткериў менен байланыслы барлық илажлар районлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине муўапық әмелге асырылсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине босап қалған орынларға депутат сайлаўын өткериў менен байланыслы қәрежетлер жергиликли бюджет есабынан әмелге асырылсын.
- Сайлаў өткериў менен байланыслы сарпланатуғын қәрежетлер сметасы усы шешимге қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Камалов), Кегейли районы экономика ҳәм финанс бөлими (Ш.Караматдинов) босап қалған орынларға депутат сайлаўын өткериў ушын қәрежетлер сметасы тийкарында қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин ҳәм мақсетли пайдаланыў үстинен қадағалаў орнатсын.
- Усы шешим районлық сайлаў комиссиясына ҳәм сиясий партиялардың районлық шөлкемлерине жиберилсин.
7. Усы шешим район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайтында жәриялансын.