XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEŇESI SHESHIMI: Аймақларды социаллық–экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм даўыс бериў нәтийжелери менен таңлап алынған илажларды қаржыландырыў ҳаққында

10.10.2023 15:13:47 70 Баспаға шығарыў

Аймақларды социаллық–экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм даўыс бериў нәтийжелери менен таңлап алынған илажларды қаржыландырыў ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

                                                                  

ШЕШИМ ЕТЕДИ

 

  1. Кегейли районлық финанс бөлими баслығының Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 13-апрельдеги ПҚ–5072-санлы қарарына муўапық аймақларды социаллық–экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм даўыс бериў нәтийжелери менен таңлап алынған илажларды қаржыландырыў ҳаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Жергиликли бюджет қаржыларын жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестириў, баҳалаў, таңлап алыў ҳәм орынланыўын мониторинг қылыў бойынша Жумысшы комиссиясының аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм даўыс бериў нәтийжелери менен таңлап алынған усынысларды район бюджетиниң “Пуқаралар басламасы жамғармасы” қаржылары есабынан қаржыландырыў бойынша усынысы мақуллансын.
  3. Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм даўыс бериў нәтийжелери менен таңлап алынған усынысларды район бюджетиниң “Пуқаралар басламасы жамғармасы” қаржылары есабынан қаржыландырыў бойынша жойбарлардың мәнзилли дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Даўыс бериў нәтийжелерине көре жеңимпаз деп табылған:

–  ID 03171572002 жойбарын әмелге асырыў бойынша Кегейли районы “Абат” АПЖ аймағындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын сатып алынатуғын товарлар реестри 2-қосымшаға;

ID 031279446002 жойбарын әмелге асырыў бойынша Кегейли районы “Жылўан жап” АПЖ аймағындағы 55-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын сатып алынатуғын товарлар реестри 3-қосымшаға;

ID 031283069002 жойбарын әмелге асырыў бойынша Кегейли районы “Ақтуба” АПЖ аймағындағы  1-санлы спорт мектебин спорт инвентарьлары менен тәмийинлеў ушын сатып алынатуғын товарлар реестри 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1.   Жумысшы комиссияға район бюджетиниң жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўга жөнелттирилген қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланылыўы ҳәмде қаржылардың ажыратылыўы ушын усыныс етилген барлық ҳүжжетлердиң ҳақыйқатлығына жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
  2. Кегейли районы ҳәқимлиги (А.Камалов, Б.Қадиров) “жеңимпаз” деп табылған усыныслар тийкарында жүргизилетуғын қурылыс ҳәм оңлаў жумысларының өз мүддетинде сыпатлы орынланыўын қадағалаўға алсын.
  3. Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы (Н. Даўенова) ҳәм районлық “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов) жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм “жеңимпаз” деп табылған илажларды қаржыландырыў ҳәмде әмелге асырылыўы тийис болған жумысларға байланыслы мағлыўматларды ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытып барсын.

9. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Б.Қадировқа ҳәмде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына  жүкленсин.

10.10.2023 15:13:47 71