XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEŇESI SHESHIMI: Өзбекстан Республикасының «Реклама ҳаққында»ғы Нызамы талапларының район аймағында орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.

10.10.2023 15:12:33 87 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасының «Реклама ҳаққында»ғы Нызаы талапларының район аймағында  орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде  «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан  Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан Республикасының «Реклама ҳаққында»ғы Нызамы талапларының Кегейли районы аймағында орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында Кегейли районы ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Қ.Жиемуратовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районында мәкеме, кәрхана, шөлкемлер, пуқаралар жыйынлары ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен Өзбекстан Республикасының «Реклама ҳаққында»ғы Нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
  3. Район ҳәкимлиги, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте Өзбекстан Республикасының «Реклама ҳаққында”ғы нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеўде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәмде алдағы ўақытлары болдырмаў бойынша айқын иләжлар белгилесин.
  4. Район ҳәкимлиги, тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшыларына:

– район аймағында сыртқы рекламалар ҳәм мәлимлемелерди жайластырыўда Өзбекстан Республикасының «Реклама ҳаққында»ғы нызамы талапларына қатаң әмел қылыў;

– сыртқы рекламаларды мәдений мийрас объектлерине, жол белгилерине ҳәм светофорларға яки ҳарекетти тәртипке салыў ушын мөлшерленген басқа ҳәр қандай қурылмаларға, сондай-ақ тутас аймақтағы абаданластырыў элементлерин бузған ҳалда орнатыўға жол қоймаў ўазыйпалары тапсырылсын.

– сыртқы рекламалар ҳәм мәлимлеме объектлерин (конструкцияларын) орнатыў сызығы қаласазлық режелестириў ҳүжжетлерине муўапық болыўы ҳәмде имаратлардың сыртқы архитектуралық келбетине, қаласазлық нормалары ҳәм қағыйдаларына, қәўипсизлик талапларына әмел қылған ҳалда орнатылыўы тәмиийнленсин.

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары (А.Төремуратов), район ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси (Қ.Жиемуратов), пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары:

– аймақлардағы сыртқы жазыўлар, атап айтқанда, реклама ҳәм дағазалар, көргизбели басқа да хабарландырыў текстлери, сондай-ақ, барлық саўда шақапшалары ҳәм халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орынларының атамаларының мәмлекетлик тил ҳаққындағы Нызам талаплары қағыйдалары тийкарында латын жазыўына тийкарланған әлипбе бойынша тәртипке келтириў бойынша айқын иләжар белгилесин.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесинин депутатлары аймақларда сыртқы рекламалардың орнатылыўында Нызам талапларына әмел қылыныўы үстинен турақлы түрде жәмәәтшилик қадағалаўын алып барсын.

7. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары А.Төремуратовқа ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңесиниң Мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында ашықлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (Е.Мухамбетов)на жүкленсин.

10.10.2023 15:12:33 88