XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEŇESI SHESHIMI: Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы талапларының район аймағында орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.

10.10.2023 15:11:16 63 Баспаға шығарыў

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги депутатлық партия топарының усынысы тийкарында Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы талапларының район аймағында орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы туўралы  мәселени қарап шығып ҳәмде  «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан  Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы талапларының Кегейли районы аймағында  орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында Кегейли районы ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Қ.Жиемуратовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районында мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша  жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
  3. Район ҳәкимлиги (А.Төремуратов, Қ.Жиемуратов) тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеўде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәмде алдағы ўақытлары болдырмаў бойынша айқын иләжлар белгилесин.
  4. Барлық буўындағы районлық мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшыларына:

– ис ҳүжжетлерин жүритиўде қарақалпақ тилиниң илимий қағыйдалары ҳәм өлшемлерине қатаң әмел қылыў;

– ҳүжжетлер менен ислесиў жумысларын “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызам талаплары тийкарында дурыс жүргизиўди жолға қойыў;

–  мәкеме атамасы жазылған сыртқы тақтайша, шығыс ҳүжжетлери, буйрық ҳәм бийликлер ушын қолланылатуғын мәкемениң рәсмий бланк қағазларын, мөрлерин нызам талаплары тийкарында қайта көрип шығыў ҳәм латын жазыўына тийкарланған әлипбе бойынша тәртипке келтириў тапсырылсын.

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары (А.Төремуратов), район ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси (Қ.Жиемуратов), пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары:

– аймақлардағы сыртқы жазыўлар, атап айтқанда, реклама ҳәм дағазалар, көргизбели басқа да хабарландырыў текстлери, сондай-ақ, барлық саўда шақапшалары ҳәм халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орынларының атамаларының мәмлекетлик тил ҳаққындағы Нызам талаплары қағыйдалары тийкарында латын жазыўына тийкарланған әлипбе бойынша тәртипке келтириў бойынша айқын иләжлар белгилеў;

– аймақлардағы географиялық объект атамалары, көшелер, гүзарлар, мәҳәллелер, майданлар, бағларға ҳәм елатлы пунктлериниң басқа да қурамлық бөлеклерине атамалар бериўде Өзбекстан Республикасының “Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында”ғы Нызамының 4-статьясы талапларына қатаң әмел қылыўға миннетленсин ҳәм  латын жазыўына тийкарланған әлипбе бойынша тәртипке келтирсин;

– мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде ис ҳүжжетлерин жүритиўде қарақалпақ тилиниң илимий қағыйдалары ҳәм өлшемлерине қатаң әмел қылыўы ҳәмде ҳүжжетлер менен ислесиў жумысларының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы талаплары тийкарында дурыс жүргизиўи бойынша әмелге асырылып атырған жумысларын үйренип шықсын ҳәм кемшиликлерге жол қойып атырған лаўазымлы шахслардың жуўапкершилиги бойынша усыныс киритип барсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесинин депутатлары аймақларда мәмлекетлик тил ҳаққындағы Нызам талапларының орынланыўы үстинен турақлы түрде жәмәәтшилик қадағалаўын алып барсын.
  2. Барлық буўындағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары усы шешимниң орынланыў барысы ҳақкында 2023 жылдың 1-март сәнесине шекем халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба мәлимлеме бериўге миннетленсин.

9. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары  А.Төремуратовқа ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңесиниң Мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында ашықлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (Е.Мухамбетов)на жүкленсин.

10.10.2023 15:11:16 64