XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEŇESI SHESHIMI: Аймақларда қоршаған орталықты қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы Кегейли районы экологоя ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими баслығының есабаты ҳаққында.

10.10.2023 15:07:49 173 Баспаға шығарыў

Аймақларда қоршаған орталықты қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы Кегейли районы экологоя ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими баслығының есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының
21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Аймақларда қоршаған орталықты қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы Кегейли районы экологоя ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими баслығы Қ.Сейтниязовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў бойынша инспекциясына (К.Сейтниязов) пуқаралар жыйынлары ҳәмде басқада тийисли шөлкемлер менен биргеликте:

– әтирап-орталықты қорғаў, оның тәбийғый байлықларын үнемлеп пайдаланыў бойынша мәмлекетлик қадағалаў жумысларын жеделлестириў;

-экология ҳәм әтирап-орталықты қорғаў жумысларын муўапықластырыў, тәбиятты қорғаў бойынша айқын ис-илажлар белгилеў ҳәм оның орынланыўын тийисли тараўлар менен биргеликте әмелге асырыў;

-аймақларда пайда болған күнделикли шығындыларды өз ўақтында алып шығып кетилиўинде “Таза худуд” МУК жумысларын турақлы қадағалаўға алыў;

– шығындыларды жыйнаў пунктлерине өз ўақтында алып шығыў, рухсат етилмеген орынларда шығындылардың пайда болыўына жол қоймаў, шығынды полигонларында жыйналып қалған шығындыларды утилизация қылыў, қайта ислеў ҳәм көмип таслаў бойынша жумысларды белгиленген тәртипте қатаң қадағалаўға алыў;

-әтирап-орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан пайдаланыўда анықланған ҳуқықбузарлықлар бойынша Нызамда белгиленген тәртипте кескин шаралар көрип барыў;

– 2023-жыл гүз мәўсиминде гүзги терек ҳәм мийўе нәллерин егиў жумысларын әмелге асырыўға таярлықлар көриў ҳәм бул бойынша жер майданларының туўры таңланыўын ҳәмде егилген нәллердиң ҳақыйқатлығын қадағалаў;

– район аймағындағы фермер ҳәм дийхан хожалықларының егислик жерлеринде, жайлаў ҳәм басқа да жер участкаларында, атыз шеллери, жап-салмалар, коллектор-дренаж тармақлары жағаларында боян тамыры өнимин таярлаўда тәртипсиз жыйнап алыў салдарынан жарамсыз жағдайларға алып келиў фактлериниң алдын алыў бойынша айқын илажлар белгилесин.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Юсупов, И.Даулетмуратов) район аймағында боян тамырын таярлаў менен шуғылланыўшы кәрханалардың белгиленген тәртипте боян ɵсимлиги плантацияларын шɵлкемлестириў жумыслары бойынша қадағалаў жүргизиў тапсырылсын.
  2. Кегейли районы Кегейли районы ҳәкиминиӊ жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары (А.Төремуратов) Өзбекстан Жаслар ислери агентлигиниң районлық бөлими (А.Дуйсенбаев) ҳәмде райондағы улыўма орта билим бериў мектеби директорлары ҳәмде пуқаралар жыйынлары менен биргеликте;

– жаслардың экологиялық билимлерин асырыў мақсетинде эколог қәнигелер менен биргеликте орта арнаўлы хамде халық тәлими мәкемелеринде әтирап орталықты қорғаў ҳәмде тәбийғый ресурслардан унамлы пайдаланыў бойынша ашық сабақлар, мектепке шекемли билимлендириў мәкемелеринде ҳәр қыйлы көргизбелер өткериў иләжларын көриў;

– экологиялық мәдениятты асырыў мақсетинде район аймағында ҳәр қыйлы акциялар шөлкемлестириў иләжларын көриў;

– аймақтағы пуқаралар жыйынларында қәнигелер менен биргеликте әтирап орталықты қорғаў ҳәмде тәбийғый ресурслардан унамлы пайдаланыў атамасында ушырасыўлар, дөнгелек стол сәўбетлерин өткериў усыныс етилсин.

  1. Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатларына:

– усы шешимде белгиленген ўазыйпалардың орынларда әмелге асырылыў барысы үстинен депутатлық қадағалаў жумысларын жүргизиў;

– өз сайлаў округлеринде халықтың экологиялық мәдениятын асырыў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў усыныс етилсин.

  1. “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов), район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова) район аймағында әтирап орталықты қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы жарытып барыўды тәмийинлесин.

6.Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына (Г.Жуманазарова) ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары И.Давлетмуратовқа жүклетилсин.

10.10.2023 15:07:49 174