XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEŇESI SHESHIMI: Кегейли районы ишки ислер бөлими жәмийетлик қәўипсизлиги хызмети жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлиминиң 2023 жылдың 8 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

10.10.2023 15:06:00 78 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017 жыл 11 июль күнги «Жол ҳәрекети қәӯипсизлигин тамийинлеӯ дизимин жәнеде жетилистириӯ ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПК-3127-санлы Қарары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 12 июль күнги “2022-2026 жыллар даўамында әмелге асырылыўы режелестирилген «Кәўипсиз ҳәм раўан жол» миллий Бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында”ғы ПК-315-санлы карары талапларының орынланыӯын тәмийинлеӯ мақсетинде район аймағында жол-транспорт ҳәдийселерин болдырмаӯ, оның алдын алыӯ ҳәм ҳәрекет қәӯипсизлигин жақсылаӯ максетинде бир канша жумыслардың амелге асырылыӯына ерисилген.

Атап айтқанда район аймағында жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыӯ, жолларда қәӯипсиз ҳәрекетлениӯди тамийинлеў мақсетинде “Жүзимбағ”, “Қумшуңгил» аўыл пуқаралар жыйынлары аймағынан өтиўши 4Р-176 «Нөкис-Шымбай-Тактакопир» ҳәм 4Р-178 «Қумшуңгул ТЖС-Кегейли-Бозатаў» автомобиль жолларына фоторадар үскенелери орнатылған.

Райондағы ”Нурлы бостан” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы                     14-санлы, “Бахытлы” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 19-санлы, 2-санлы, “Ийшан кала” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 23-санлы ҳәм “Қумшунгул” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жайласкан 22-санлы мектеплерде “Харекет кәўипсизлиги қағыйдалары”  бойынша майданшалар шөлкемлестирилген.

2023 жылдың 8 айы даўамында район аймағында 6 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берип, натийжесинде 6 инсан набыт болған ҳәм 4 адам дене жарақатын алған.

2023 жылдың 8 айы даўамында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018 жыл 30 августтағы 701-санлы қарары талапларын орынлаў мақсетинде аймақларда жүз берген жол-транспорт ҳәдийселериниң келип шығыў себеплери ҳәм олардың алдын алыў бойынша телерадио еситтириӯлер турақлы түрде  алып барылған.

Жас өспиримлер қатнасында жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде улыўма орта билим бериў мектеплериниң басланғыш класс оқыўшылары қатнасында «Жол ҳәрекети қағыйдалары» атамасында үгит-нәсият иләжлары алып барылған ҳамде райондағы 14 хам 19-санлы мектеплерде жол ҳәрекети қаўипсизлиги класслары шөлкемлестирилген.

 

Кегейли районы ишки ислер бөлими жәмийетлик қәўипсизлиги хызмети жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшесиниң 2023 жылдың 8 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Кегейли районы ишки ислер бөлими жәмийетлик қәўипсизлиги хызмети жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшесиниң 2023 жылдың 8 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ишки ислер бөлими жәмийетлик қәўипсизлиги хызмети жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшеси (А.Бекманов):

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 12-июльдеги                        ПҚ-316-санлы қарары менен тастыйықланған 2022-2026 жыллар даўамында әмелге асырылыўы мөлшерленген “Қәўипсиз ҳәм раўан жол” улыўмамиллий бағдарламасында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў;

– жол-транспорт ҳәдийселери көплеп жүз берип атырған аймақларда транспорт айдаўшылары ҳәм пуқаралардың жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел қылыўын тәмийинлеўге қаратылған илажларды турақлы түрде шөлкемлестириў;

– жолларда инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде пиядалар тәрепинен ҳәрекет қәўипсизлиги қағыйдаларына қатаң әмел қылыўы бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– тийисли шөлкемлер менен биргеликте ҳәптениң жума күни “Жол ҳәрекети қәўипсизлигин үгит-нәсиятлаў күни” профилактикалық илажларын кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасында турақлы түрде өткерип барсын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Камалов) районлық ишки ислер бөлими (Н.Адилбеков) ҳәм районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы (Т.Пирназаров) менен биргеликте:

– район аймағындағы автомобиль жоллары ҳәм орайлық көшелеринде пуқаралар ҳәм транспорт қураллары ҳәрекетиниң қәўипсизлигин тәмийинлеў, жол транспорты ҳәрекетиниң алдын алыў мақсетинде орнатылыўы лазым болған жол белгилерин белгиленген орынларға орнатыў ҳәм жарамсыз ҳалға келген жол белгилерин алмастырыў;

– жол ҳәрекети ҳәдийселери көплеп жүз беретуғын жолларда жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша үгит-нәсиятлаўшы қуралларды (реклама-мәлимлеме плакатлары, щитлар) орнатыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1. Кегейли районы жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары (А.Төремуртов), районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими (Қ.Бекимбетов), районлық ишки ислер бөлими жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшеси ҳәм тийисли шөлкемлер менен биргеликте:

– барлық мектеплерде, оқыў орынларында жол ҳәрекети қағыйдаларын үйретиў бойынша  класс ханаларын шөлкемлестириў ҳәм үскенелеў;

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшылары ушын  жол ҳәрекети қағыйдаларын үйретиў майданшаларын шөлкемлестириў;

– “Дыққат жолаўшы”, “Дыққат балалар” атамасында профилактикалық илажларды ҳәмде «Жасыл шырақ», «Жол ҳәрекети қағыйдалары билимданы»,                «Ең үлгили жолаўшы» атамасында көрик-таңлаўлар өткериў бойынша айқын  илажлар белгилесин.

  1. Кегейли районы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими (Н.Акимниязов) пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм профилактика инспекторлары менен биргеликте аймақларда жүз берген ҳәр бир жол-транспорт ҳәдийселериниң келип шығыў себеплерин үйренип барыў, пиядалар тәрепинен ҳарекет қәўипсизлиги қағыйдаларына қатаң әмел етиўлерине қаратылған үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў тапсырылсын.

– 6. Усы шешимниң орынланыў барысы ҳаққында 2023 жылдың 1-декабрь сәнесине Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси секретариатына жазба түрде мәлимлеме берилсин.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комиссиясына жүкленсин.
10.10.2023 15:06:00 79