XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEŇESI SHESHIMI: Көп қабатлы турақ жайларда коммунал хызмет көрсетиў жумысларын жақсылаў, көшелерди жақтыландырыў, мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм қәбиристанлардың абаданлығы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

10.10.2023 15:04:51 63 Баспаға шығарыў

Көп қабатлы турақ жайларда коммунал хызмет көрсетиў жумысларын жақсылаў, көшелерди жақтыландырыў, мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм қәбиристанлардың абаданлығы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы ҳәқимлиги бас қәнигеси Б.Қадировтың көп қабатлы турақ жайларда коммунал хызмет көрсетиў жумысларын жақсылаў, көшелерди жақтыландырыў, мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм қәбиристанлардың абаданлығы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Б.Қадиров), пуқаралар жыйынлары ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

– аймақтағы көп қабатлы турақ жайларда жасаўшы халыққа коммуналлық хызмет көрсетиўдиң сапасын буннан былайда жақсылаў;

– 2023-2024 жыллардың гүз-қыс мәўсимине пуқта таярлық көриў жумысларын сапалы ҳәм өз мүддетинде жуўмақлаўға  қаратылған зәрүр иләжлар белгилесин.

  1. “Таза худуд” мәмлекетлик унитар кәрханасы Кегейли районлық бөлими (О. Кәримбердиев), “Нурлы бостан” МПЖ (А.Казакбаева), “Мәденият” МПЖ (Б.Бегжанов), “Гүжим терек” МПЖ (Б.Жумамуратов) аймақтағы көп қабатлы турақ жайлардың әтирапын абаданластырыў, турмыслық шығындыларды өз ўақтында белгиленген орынларға шығарып таслаўдың барлық иләжларын көрсин.
  2. “Кегейли ширкет” жеке турақ жай мүлк ийелери ширкети (И.Мырзакаримова) үй-жай фондын басқарыў ҳәм оны сақлаў бойынша пайда болып атырған машқалаларды сапластырыў ҳәмде турақ жай мүлк ийелери менен биргеликте жасаў ушын мөлшерленбеген улыўма пайдаланыўдағы майданларды сақлаў ҳәм оңлаў бойынша айқын иләжлар белгилесин.
  3. Кегейли районы абаданластырыў басқармасы (Б.Қайыпназаров):

– абаданластырыў объектлерин сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў жумысларын қаласазлық ҳәмде санитария нормалары ҳәм қағыйдаларына қатаң әмел қылған ҳалда өз ўақтында ҳәм сыпатлы орынлаў ҳәмде орын алып атырған кемшиликлерди, машқалаларды сапластырыў бойынша айқын илажлар белгилеў;

-көшелер, скверлер, аллеялар, естелик комплекслери ҳәм улыўма пайдаланыўдағы басқада көклемзар зоналарды көклемзарластырыў, саяманлы тереклерди тәрбиялаў бойынша агротехника илажларын өткериў,
сондай-ақ зыянкеслерге ҳәм ҳәр қыйлы кеселликлерге қарсы гүресиў жумысларын алып барыў;

– көшелердеги түнги жақтыландырыў тармақларын сақлаў, турақлы ислеп турыўын тәмийинлеў, электр энергиясын тежеў мақсетинде заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм технологияларды енгизиў жумысларын алып барыў;

– жақтыландырыў системасындағы электр шырақларын өз ўақтында жандырыў ҳәм өшириў, истен шыққан шырақларды алмастырыў, сыртқы жарытқыш электр тармақларын, үскенелер ҳәм объектлерди олардың сазлығы бойынша қадағалаў орнатыў ҳәм техникалық көриктен өткериў;

– қәбирстанлар аймақларында зәрүр тәртип ҳәм тазалықты тәмийинлеў, пуқаралардың талабына қарап белгиленген тәртипте  олардың буйыртпаларын орынлаў бойынша өз ўақтында зәрүр илажларды белгилесин.

6. Усы шешиминиң орынлаўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал хожалығы мәселелери ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша турақлы комиссиясына                 жүкленсин.

10.10.2023 15:04:51 64