XALIQ DEPUTATLARI KEGEYLI RAYONLIQ KEŇESI SHESHIMI: Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

10.10.2023 15:01:03 73 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2023 жылдың 9 айы даўамында мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде ҳәм пуқаралар жыйынларында юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында, сондай-ақ мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларында бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы өткир сынға алынсын.
  3. Кегейли районы “Нурлы бостан” (Г.Қайпов), “Халқабад” (Г.Жуманазарова) мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен бир қатар унамлы жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығы айрықша атап өтилсин.
  4. Кегейли районы “Абат мәкан” (Б.Отепов), “Жылўан жап” (Д.Джалимбетов), “Қуяшлы” (И.Джумабаев) мәкан пуқаралар жыйынлары, “Көк-өзек” (Р.Ережепов), “Ийшан қала” (А.Жумамуратов) аўыл пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилериниң пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы көрсетип өтилсин.
  5. Кегейли районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминде (Г.Хожамбергенова) Өзбекстан Республикасының “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы нызамы талапларының турпайы түрде бузылып атырғанлығы өткир сынға алынсын ҳәм орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
  6. Кегейли районы мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары:

– физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларын буннан былайда жақсылаў, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы нызамы талапларының бузылыўына жол қойып атырған жуўапкер шахсларға белгиленген тәртипте интизамий жаза шараларын қолланыў мәселесин көрип шықсын;

– ҳәр айда физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларын сын көз-қараста терең анализленген ҳалда мийнет жәмәәтиниң улыўма жыйналысында қарап шығып, кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер хызметкерлердиң интизамий жуўапкершилигин белгиленген тәртипте көрип шығыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1.  Район ҳәкимлиги, сектор басшылары, пуқаралар жыйынлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

– пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды унамлы ҳәм қысқа мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алыў;

– пуқаралар мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў,  әсиресе шараяты аўыр болған шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратсын.

8. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.

10.10.2023 15:01:03 74