Кегейли районы ҳәқимлигинде нызамшылық ҳүжжетлериниң өз ўақтында орынланыўы тәмийинленбекте

20.09.2023 18:04:36 91 Баспаға шығарыў

Турмысымыздың барлық тараўларында алып барылып атырған реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўы, биринши нәўбетте мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының барлық буўынларында атқарыў интизамының   қай дәрежеде шөлкемлестирилиўине тиккелей байланыслы.

Бул бағдардағы жумысларды тәртипке салыў, барлық дәрежедеги басшылардың жуўапкершилигин асырыў ҳәм қабыл етилип атырған ҳүжжетлерди турмыста орынланыўын тәмийинлеў, артықша мәжилисбазлық ҳәм бюрократиялық тосықларды сапластырыў мақсетинде бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-августтағы 5017-санлы бийлигине тийкар министрликлер, ведомстволар, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа шөлкемлердиң “Ijro.gov.uz” атқарыў интизамы мәкемелераралық бирден-бир электрон системасына өтиўи тәмийинленди.

Атқарыўшылық интизамын беккемлеў, қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм мониторинг етиўдиң тәсиршең системасын жаратыў мақсетинде 2021-жыл 10-февральда Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Нызамшылық ҳүжжетлери орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейтириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы 6166-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Бул Пәрман менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәсләҳәтшилери, Бас министр орынбасарлары, министрлер, мәмлекетлик комитетлердиң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар, район ҳәм қалалар ҳәкимлери усы Пәрманның  қосымшаларындағы белгиленген талаплардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўы ушын жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылған.

Буннан тысқары “Ijro.gov.uz” системасын жүритиў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың өз ўақтында орынланыўын қадағалаўды “Ijro.gov.uz” системасы арқалы алып барыў ўазыйпалары Әдиллик министрлигине жүклетилген.

Атқарыўшылық интизамына қатаң әмел етиў, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Ijro.gov.uz” системасына зәрүр мағлыўматларды өз ўақтында киргизбеў ямаса надурыс мағлыўматларды киргизиў, сондай-ақ, бул бағдарда

Әдиллик министрлиги көрсетпелерин өз ўақтында ямаса лазым дәрежеде орынламаў нызамшылыққа муўапық интизамий, ҳәкимшилик ҳәм басқа жуўапкершилик шараларын қолланыў ушын тийкар болатуғынлығы белгилеп берилди.

Қабыл етилген Президент Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмаларының әмелге асырылыўы бойынша қадағалаў ҳәм есабын жүргизиўди шөлкемлестириў тәртиплери де тастыйықланды ҳәм орынлаў мүддетлери көрсетилген.

Атап айтқанда, мәмлекетлик басқарыў ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларында Нызамлар, Президент тәрепинен қабыл етилетуғын норматив-ҳүжжетлер ҳәм тапсырмалары 30 минут ишинде дизимнен өткерилиўи ҳәм басшыға жеткерилиўи керек, егер басқа мүддет белгиленбеген болса 3 күн мүддетте анық орынлаўшылар, мүддетлер ҳәм орынлаў механизми көрсетилген тапсырмаларды таярлаў ҳәмде орынлаўшыларға жеткериўи, тапсырмалардың орынланыў жағдайын ҳәр ҳәптениң жума күни басшының биринши орынбасары жанында, ал  дүйшемби күни болса район ҳәкиминде талқылап барыўы белгиленген.

Бүгинги күни район ҳәкимлигинде атқарыўшылық интизамының орынланыўын қадағалаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтпекшимен.

2023-жыл басынан бүгинги күнге шекем район ҳәкимлигине EDO.IJRO.UZ системасы арқалы жәми 7645 ҳүжжет кирис болып, соннан:

–  Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары – 5;

–  Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары – 12;

–  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары – 4;

–  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарарлары  – 11;

–  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарлары – 13;

–  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилис баянламалры – 57;

–  Район ҳәкимлигине физикалық ҳәм юридиклақ шахслардан келген мүрәжатлар – 604;

–   Министрлик ҳәм шөлкемлерден 6939 хатлар кириске алынып қадағалаўға алынды.

Әлбетте, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалар, қабыл етилип атырылған ҳүжжетлердиң нәтийжесин ҳәр бир инсан өз турмысында сезиўи ушын қабыл етилип атырған ҳәр нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы өз ўақтында ҳәм нәтийжели тәмийинлеўи лазым.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

20.09.2023 18:04:36 92