ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ ЖЕТПИС ЖЕТИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ

27.09.2023 16:58:30 227 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

– Кегейли районы ишки ислер бөлими  баслығы орынбасарының район аймағында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайлары бойынша есабаты ҳаққында.

– Кегейли районы экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2023-2024 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы ҳаққында.

– Көп қабатлы турақ жайларда коммунал хызмет көрсетиў жумысларын жақсылаў, көшелерди жақтыландырыў, мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм қәбиристанлардың абаданлығы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

– Кегейли районы ишки ислер бөлими жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлиминиң 2023 жылдың 8 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

– Аймақларда қоршаған орталықты қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы Кегейли районы экологоя ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими баслығының есабаты ҳаққында.

– Өзбекстан Республикасының «Реклама ҳаққында»ғы ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамлары талапларының район аймағында  орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.

– Аймақларды социаллық–экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм даўыс бериў нәтийжелери менен таңлап алынған илажларды қаржыландырыў ҳаққында.

– Кегейли районы ҳәкимлигинде нызамшылық ҳүжжетлериниң өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў бойынша атқарыўшылық интизамының аўҳалы ҳаққында.

– «Темир дәптери» дизиминде турған ҳәмде жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында.

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

27.09.2023 16:58:30 228