Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық хожалығы ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилиске турақлы комиссия ағзалары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.
Мәжилис күн тәртибинде:
– Кегейли районы экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2022-2023 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы ҳаққында
– Көп қабатлы турақ жайларда коммунал хызмет көрсетиў жумысларын жақсылаў, көшелерди жақтыландырыў, мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм қәбиристанлардың абаданлығы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында
– Районда «Транспорт ҳаққында»ғы нызамының орынланыў ҳаққында
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди.